Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған реформалар процеси, дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 19-февраль күни Сырдәрья ўәлаятына барды.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл  13-апрельде Сырдәрьяға сапар етиўи даўамында берилген тапсырмалары ҳәм Сайхунобод районында өткен мәжилистиң жуўмағына тийкарланып ўәлаятты 2018-2019-жылларда социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы  шеңберинде хызмет көрсетиў ҳәм сервис, аўыл хожалығы тармақларында нырқы 6,3 триллион сумлық 302 жойбар әмелге асырылып, 15 мың 458 жаңа жумыс орнын  жаратыў белгиленген еди.

Президентимиз ўәлаятқа бул ретки сапарын Сырдәрья районындағы «Сирдарё универсал ойна» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысыўдан баслады. «Сирдарё» еркин экономикалық зонасы аймағында шөлкемлестирилген бул кәрханада фармацевтика ҳәм азық-аўқат санааты ушын шийше ыдыслар ислеп шығарылады. Өткен жыл июнь айында жумыс баслаған кәрханада нырқы 50,1 миллион долларлық жойбар әмелге асырылып, импорт орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылды.

Мәмлекетимиздиң фармацевтика санаатына усы ўақытқа шекем ҳәр жылы 4 миллион долларлық шийше флаконлар импорт етилетуғын еди. Бул кәрхана иске түскеннен соң елимиздиң фармацевтика кәрханаларына шийше ыдыслар жеткерип бериў имканияты кеңейди.

Орайлық Азияда бирден-бир болған бул кәрханада ҳәзирги ўақытта 100 ден аслам түрдеги шийше ыдыслар таярланбақта. Кәрханаға Германия, Чехия ҳәм Францияда ислеп шығарылған ең заманагөй технологиялар орнатылған, өндиристе толық жергиликли шийки заттан пайдаланылады.

Быйыл толық қуўатлылық пенен ислейтуғын кәрханада 102  миллион дана шийше ыдыс ислеп шығарылады, 2 миллион долларлық өнимди экспорт етиў күтилмекте. Кәрханада 450 адам жумыс пенен тәмийинленген.

Президентимиз шийше ыдыслар ислеп шығарыў процеси, таярланып атырған өнимлердиң үлгилери менен танысты.

Бул жерде «Сирдарё универсал ойна» кәрханасы тәрепинен кластер усылында әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Кәрхана жанында «Сирдарё гласс» ЖШЖ тәрепинен жаңа технология тийкарында бир ўақыттың өзинде фармацевтика ҳәм азық-аўқат санааты ушын үш түрли реңдеги шийше ыдыслар таярлаў жойбары әмелге асырылмақта. Келеси жылы иске түсирилетуғын кәрханада 500 жумыс орны жаратылады, жылына 3,7 миллион долларлық өним экспортқа бағдарланады.

«Сирдарё шиша» ЖШЖ тәрепинен шийше ыдыслар ушын кварц қумын қайта ислеў жолға қойылмақта. Жылына 438 мың тонна қум қайтадан исленетуғын кәрхана ушын «Асака банк»тен 5 миллион долларлық кредит ажыратылады, 5,1 миллион доллар кәрхананың өзиниң қәрежети болып табылады.

«Сирдарё универсал ойна» ҳәм «Сирдарё гласс» кәрханаларында ислетилип болынған ыссылық энергиясынан пайдаланып, Европа типиндеги ыссыханаларда овощ жетистириў режелестирилмекте. Оған бола, «Сирдарё универсал ойна» кәрханасы жанында 10 гектарлық ыссыхана қурылады. Жойбар бес басқыштан ибарат болып, ыссыханаларды басқарыўдың толық автоматластырылған системасы, суўды қайта циркуляциялаў ҳәм жаўын суўларынан пайдаланыў, сапаны қадағалаў, ислеп шығарыў, ресурлар менен тәмийинлеўдиң европа системасын қамтып алады.

Бул ыссыханада жылына 2,5 мың тонна өним жетистириў, 6 миллион доллар әтырапында сап пайда алыў және 5 миллион долларлық өнимди экспорт етиў нәзерде тутылмақта.

«Сирдарё фиш техноложи» ЖШЖ тәрепинен жабық суў айланба системасы арқалы балық жетистириў ҳәм қайта ислеў режелестирилген. 2020-жылы иске түсирилетуғын жойбар нәтийжесинде жылына 2 мың 750 тоннадан аслам балық жетилистириледи.

«Сирдарё гласс» кәрханасы тәрепинен аўыл-хожалығы өнимлерин қайта ислеў, сақлаў ҳәм консервалаў жолға қойылады. Усы жойбар арқалы жылына 3 мың тонна өним қайта исленеди, 140 жумыс орны  жаратылады. Бул ўәлаятта жетистирилип атырған мийўе-овощларды қайта ислеў, сақлаў ҳәм экспорт етиў көлемин арттырыў имканиятын береди.

Усы жердиң өзинде ўәлаятта инвестиция қаржылары тийкарында фармацевтика, тоқымашылық, электротехника өнимлери ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў, Фарҳад ГЭСти модернизациялаў, Сардоба суў сақлағышы жанында  киши ГЭС қурыў жойбарлары, «Сирдарё голден фрутс» ЖШЖ тәрепинен районда шөлкемлестирилген көп тармақлы логистика орайының презентациялары өткерилди.

Мәмлекетимиздиң Қытай, Италия ҳәм Қазақстан мәмлекетлериндеги елшилери ўәлаятқа тиккелей инвестициялар тартыў, аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм экспорт көлемин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаяттың экономикалық потенциалы ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўда бул инвестициялық жойбарлардың әҳмийети жоқары екенин атап өтип, оларды әмелге асырыў мүддетлерин қысқартыў ҳәм экономикалық нәтийжелилигин арттырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Президентимиз Сырдәрья ўәлаяты Ховос районына барып, дәслеп Ховос қалашасының бас режеси менен танысты.

«Мирзашөл тәжирийбеси» тийкарында Ховос қалашасының жаңа орайы бой тиклеўи режелестирилген. М-39 автомобиль жолы бойындағы 42 гектар аймақта комплексли қурылыс жумыслары жобаластырылған. Оған муўапық, бул жерде жергиликли ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының имаратлары, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги, коммерциялық банклер, турақ жайлар, мектеплер, дем алыў бағы, еслеў майданы, кинотеатр, китапхана, мешит, базар, саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары қурылады. Жол инфраструктурасы раўажландырылып, халық ҳәм транспортлар ушын қолайлықлар жаратылады.

Ховоста соңғы елиў жыл даўамында бирде-бир көп қабатлы жай қурылмаған. Адамлар ески, тар, ызғар үйлерде жасап келген. Енди ҳәр жылы жаңа қөп қабатлы жайлар қурылып, халықтың социаллық шараятлары басқышпа-басқыш жақсыланып барады. Шанарақтағы жағдайы жақсыланған адамның үмити, ертеңги күнге исеними де беккемленеди.

Усы мақсетте хызмет ететуғын және бир ийгиликли баслама: «Ўзпахтасаноат» акционерлик жәмийети тәрепинен Сырдәрья ўәлаятында 32 тигиўшилик комплексин шөлкемлестириў режелестирилген. Бул цехларда жәми 4 мың 200 ден аслам жумыс орны жаратылады.

Президентимиз бул жерде ховослы нуранийлер, мәҳәлле белсендилери ҳәм жаслар менен сәўбетлести.

Мәмлекетимизде үлкен өзгерислер әмелге асырылып атырғаны, мәмлекет пенен биргеликте адамлар да ояныўы, абадан жасаўға умтылыўы кереклигин атап өтти. Ховослылар ўәлаяттың раўажланыўы, халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған жаңа режелер олардың өмирге көз-қарасын өзгертип атырғанынан қуўанышлы екенин атап өтти.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы райондағы «GRAN RUTA DE LA SEDA» кәрханасы тәрепинен заманагөй усылда шөлкемлестирилген гидропоника ыссыхана комплексин көзден өткерди.

Бүгинги күнде мәмлекетимиздиң барлық аймақларында гидропоника усылында ыссыханалар қурылмақта. Бул болса сапалы палыз өнимлерин жетистириў, көплеген жумыс орынларын жаратыў имканиятын бермекте. Қәнигелердиң пикиринше, әпиўайы усылда жетистирилип атырған помидор нәллеринен 3 килограмм зүрәәт алынса, гидропоника усылында зүрәәтлилик 12 килограммға шекем жетеди. Егинлердиң писип жетилисиўи 25-30 күнге қысқарады.

Бул ыссыханаларда Голландиядан өнимдарлы помидор ҳәм қыяр сортлары алып келинип егилген. Пүткил процесс толық автоматластырылған. Корея Республикасынан алып келинген заманагөй үскенелер температураны, өсимликтиң суў ҳәм азықлыққа талабын терең таллаў арқалы анықлайды ҳәм минераллар менен байытылған суў тамшылатыў усылында өсимликтиң тамырына жеткериледи.

Ыссыханада жылына  1 мың 500 тонна помидор жетистириледи. Сондай-ақ, 2 миллион долларлық аўыл хожалығы өнимлери экспорт етиледи. Кәрхана тәрепинен  усы жылдың үшинши шерегинде және 10 гектар ыссыхананы иске түсириў режелестирилген.

Президентимиз бул ыссыхананы кеңейтиў, Қубла Кореядан алып келинип, пайдаланылып атырған заманагөй технологияларды өзимизде ислеп шығарыў ҳәм қәрежетти азайтыў бойынша көрсетпелер берди.

Шавкат Мирзиёев Янгиер қаласында шөлкемлестирилиўи режелестирилген аммиак ҳәм карбамид заводының қурылыс майданында болды.

Мәмлекетимизде аўыл хожалығын диверсификациялаў, өним жетистириўди көбейтиў ҳәм экспортқа айрықша итибар қаратылмақта. Бул жердиң өнимдарлығын арттырыў, минерал төгинлер ислеп шығарыўды талап етеди.

Сонлықтан «Ўзкимёсаноат» акционерлик жәмийети тәрепинен «Samsung Engineering» компаниясы менен биргеликте аммиак ҳәм карбамид заводын қурыў режелестирилген. Улыўма нырқы 600 миллион доллар болған бул заводта жылына 400 мың тонна аммиак, 660 мың тонна карбамид ислеп шығарыў жолға қойылады. Сырт елден заманагөй технологиялар алып келинип орнатылады, «нау-хоу»лар қолланылады. 500 турақлы жумыс орны жаратылады. Заводтың қурылысы ушын жүдә қолайлы орын таңланған. Бул жерде тәбийғый газ дәреги, электр ҳәм суў тәмийнаты тармақлары, автомобиль ҳәм темир жоллар бар.

Сырдәрьядағыдай қолайлы инфрастуркутра ҳеш жерде жоқ. Бундай имканият заводты қурыўда ҳәм турақлы пайдаланыўда қолайлы, инвесторлардың қызығыўшылығын арттырады. Бул жүдә рентабельли, перспективалы жойбар, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысына кәрхананың эксономикалық нәтийжелилиги, қурылыс жумысларының кестеси ҳаққында мағлыўмат берилди. Президентимиз заводтың өнимлери ишки талапты қанаатландырыўда ҳәм сыртқы базарға шығыўда әҳмийетли орын ийелейуғынын атап өтип, жуўапкер адамларға тийисли тапсырмалар берди.

Президентимиз Сырдәрья ўәлаятына сапары даўамында Мирзаобад районындағы «Бек кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәризиндеги қоспа кәрхана тәрепинен шөлкемлестирилген пахтаны қайта ислеў зоводының жумысы менен танысты. Бул жерде мийнет етип атырған хызметкерлер менен пикирлести.

2018-жылы Түркияның «SUMER» компаниясы менен биргеликте пайдаланыўға тапсырылған заводта жылына 60 мың тонна пахта қайта исленеди. Кәрханада 200 жумыс орны жаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы Сырдәрья ўәлаятына сапары шеңберинде «Бек кластер» кәрханасында болып, оны буннан былай да раўажландырыў бойынша тапсырмалар берген еди.

Президент қарары тийкарында «Бек кластер»ге 18 мың гектар жер майданы ажыратып берилген. Жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы кәрханаларда мыңға шамалас турақлы жумыс орны жаратылған. Буннан тысқары, 1 мың 800 адам мәўсимлик жумысларға тартылады.

Жаңа завод пахта шийки затын терең қайта ислейди. Әҳмийетли тәрепи, бул жерге орнатылған заманагөй үскенелер пахта талшығын сапалы қайта ислеў менен бирге, энергияны үнемлейди.

Аўыл хожалығына илимий қатнас жасаў турақлы итибарымызда болыўы керек. Онысыз жоқары зүрәәтлиликке ерисиўдиң илажы жоқ. Сол жағынан «Бек кластер» кәрханасы тәрепинен илимий мәкемелер менен биргеликтеги жумысларды қоллап-қуўатлаймыз, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимизге «Бек кластер»де келешекте әмелге асырылыўы нәзерде тутылған жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, кластер жанында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында колледж ашыў режелестирилген. Бул жерде кластерге қараслы кәрханалар ушын қәнигели кадрлар таярланады.

Сырдәрья ўәлаятында аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылатуғын жойбарлар менен таныстырыў өткерилди. Соның ишинде, қусшылық. шарўашылық, балықшылық, туқымгершилик ҳәм жүзимшиликти раўажландырыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, жер майданларын қайта өзлестириў, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы бойынша халықтың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўын шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы және мыңлаған жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди.

Усы жерде қарабайыр атлары, қарамал, ешки, түйеқус, қоян ҳәм бөдене породалары көрсетилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жәниўарлардың  өсип-өниўшеңлигине, тез көбейетуғынына, олар ҳәр бир шаңарақ ушын зәрүр екенине итибар қаратты. Үй шараятында шарўашылықты ҳәм қус бағыўды көбейтип, халықты азық-аўқат өнимлери, қосымша дәрамат пенен тәмийинлеў мүмкин екенин атап өтти.

Гүлистан қаласы күннен-күнге шырайланбақта. Жаңа жайлар, объектлер, кең көшелер, дем алыў орынлары, мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған абаданлық жумыслары ҳәўес етсе арзыйды.

Бул көринис Гүлистанның «Буюк келажак» массивинде және де айқын көринеди. Жаңа массивте 2018-жылы үлги жойбарлар тийкарында 5 қабатлы 8 жай қурылып, пайдаланыўға тапсырылды,  360 шаңарақ жайлы болды. «Буюк келажак»та және 7 қабатлы 420 квартирадан ибарат 10 жай қурылмақта. Бундай жайлар тек ғана Гүлистанда емес, ал пүткил ўәлаятта да кейинги 25-30 жылда биринши мәрте қурылмақта.

Президентимиз «Буюк келажак» массивинде қурылған жайлар, жаңа қурылыс процеси менен танысты.

Бул жайларды қурыўдан мақсет халықтың көп жыллық арзыў-әрманларын әмелге асырыў болып табылады. Сол ушын оларды сапалы, ҳәр тәреплеме қолайлы етип қурыўымыз керек. Жаңа үйге көшип келген ҳәр бир шаңарақ бизден разы болсын, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда «Сырдәрья тәжирийбеси»н енгизиў ҳаққында көрсетпелер берди. Кейинги басқышта әмелге асырылатуғын жумыслар додаланды.

«Guliston city» қурылысының жойбары үш басқышта әмелге асырылады. 2019-2022-жылларға мөлшерленген заманагөй қалашаның улыўма жер майданы 45 гектарға шамалас болады. Бул жерде көп қабатлы жайлар, саўда комплекслери, кеўил ашар орынлар, мәденият ҳәм бизнес орайы, әнжуманлар сарайы, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, мийманхана, өнерментшилик үйи сыяқлы объектлер қурылады.

Қалада 2020-жылға шекем және 10 жети қабатлы жай, сондай-ақ, ишки ислер хызметкерлери, әскерлер ушын хызмет үйлери пайдаланыўға тапсырылады. Бул жерде үлги жойбардағы бақшалар, мектеплер ҳәм басқа да зәрүр инфраструктуралық объектлер қурылады.

Президентимиз ўәлаятта жаслар тәлим-тәрбиясы, руўхый ҳәм ағартыўшылық, спорт тараўында әмелге асырылатуғын жойбарлар менен де танысты.

Сырдәрья ўәлаятында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў концепциясы ҳаққында мағлыўмат берилди. Оған бола, перзент тәрбиясы еле ол туўылмасынан бурын басланыўы, соң нәрестелик, мектепке шекемги тәрбия ҳәм мектеп жасындағы тәлим дәўирине тийисли жаңа концепция турмысқа кеңнен енгизилмекте. Гүлистан қаласында  «O‘qituvchi» бренди астында орайлық китап дүканын шөлкемлестириў ҳәм китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў концепциясы да усынылды.

Руўхыйлығымыз, мақтанышымыз биринши орынға шығатуғын ўақыт келди. Презентлеримизди әне усындай жетик әўлад етип тәрбиялаўға бәршемиз жуўапкермиз. Биз бул ушын қаржыны ҳәм ўақытты аямаймыз, бар имканиятымызды иске қосамыз, деди мәмлекетимиз басшысы.

Сондай-ақ, экономикалық шараятты жақсылаў көп ийгиликли ислердиң басламасы екени, руўзыгершилиги пүтин, шаңарағынан қәтержам адамның, ертенги күнинен үмити мол жаслардың руўхый дүньясы да кеңейип баратуғыны, сонда ғана китап оқыўға ҳәўес артатуғыны атап өтилди.

Ўәлаятта ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасын раўажландырыў, жумыссыз жаслардың ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлериниң бәнтлигин тәмийинлеў, көп қабатлы жайлар, спорт объектлерин қурыў, руўхый тәрбия ҳәм китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў концепциясы тийкарында көшпели китап павильонларын шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Гүлистан қаласында Сырдәрья ўәлаяты ҳәм районлардың ҳәкимлери, белсендилер, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары қатнасыўында мәжилис өткерилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Сырдәрья ўәлаятының санаат ҳәм хызмет көрсетиў потенциалынан толық пайдаланбай атырғанын, аўыллық районларда санаат дерлик жоқ екенин атап өтти. Сонлықтан арнаўлы жумысшы топардың үйрениўлери нәтийжесинде 342 орта ҳәм ири инвестициялық жойбар бағдарламасы ислеп шығылғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, Сырдәрья ыссылық электр станциясы ҳәм Фарход гидроэлектр станциясын модернизациялаў, Сардоба суў сақлағышында киши гидроэлектр станциясын қурыў бойынша жәми 275 миллион долларлық үш жойбарды әмелге асырыў басланады.

Буннан тысқары, Өзбекстанның Қытай, Италия ҳәм Қазақстандағы елшилери тәрепинен 30 ға шамалас жойбар бойынша анық усыныслар қәлиплестирилген. Президентимиз ўәлаятқа қосымша инвестициялар алып келиў, исбилерименлик басламаларды жүзеге шығарыўға жәрдемлесиў, аўыл хожалығы жерлеринен ҳәм қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша тапсырмалар берди.

Мәжилисте руўхыйлық, мәденият, тәлим-тәрбия мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы кейинги жылларда дәстүрге айланған саўаплы ислерди даўам еттирген ҳалда Гүлистан қаласында Өзбекстан халық шайыры Халима Худайбердиева атындағы дөретиўшилик мектебин шөлкемлестириў усынысын алға қойды. Жыйналғанлар бул басламаны қызғын қоллап-қуўатлады.

Усының менен Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Сырдәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

ӨзА