Мойнақ районында Аралбойы аймақларында жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыўға қаратылған илажлар қызғын даўам етпекте.

Райондағы оператив штаб тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, 16-февраль күнги өткерилген илажларға, атап айтқанда, таярланған туқымларды қалталарға жайластырыў, егислик орынларды таярлаў ҳәм егиў жумысларына, жәми 1252 адам қатнасқан. Соның 533и елимиз ўәлаятларынан келип жумыс ислеп атырғанлар болып есапланады. Сондай-ақ, 65 адам Арал бойындағы участкаларға отын қорын шөлкемлестириў ушын отын таярлаў жумысларын даўам етпекте. Бул жумысларға, жәми 462 техника  ҳәм 2 самолёт тартылған.

Бүгинги күнде сексеўил егиў ушын, жәми 893366 гектар жер майданы таярланды. Соның 352832 гектарына 1 миллион 245 мың 760 килограмм сексеўил туқымы егилди.

АН-2 самолёты жәрдеминде 259650 гектар жерге 779850 килограмм сексеўил туқымы сеўип егилген.

Ҳәзирги күнге шекем 1057000 килограмм, соннан жергиликли халық тәрепинен жәми 261000 килограмм сексеўил туқымы жыйналған. Олардың мийнет ҳақылары өз ўақтында берилмекте. (4 миллиард 128 миллион сум төленген).

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.