2019-жыл 15-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ниң 2018-жылғы жумысы ҳаққындағы есабатын тыңлады.

Бул мәселе дәслеп сиясий партиялар фракциялары ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының мәжилислеринде ҳәр тәреплеме додаланған еди. Додалаўлар ўақтында депутатлар тәрепинен Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм оны «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде белгиленген ўазыйпаларды шешиўде Омбудсманның тиккелей қатнасыўы арқалы оның жумыс сапасын арттырыўға қаратылған усыныслар билдирилди.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили У.Муҳаммадиев есабат берип шығып сөйледи.

Омбудсман пуқалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң инсан ҳуқықларына байланыслы нормаларын буннан былай да жетилистириў, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, пуқаралық жәмийети институтлары, халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлери менен бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша белгиленген илажлардың орынланыўы ҳаққында депутатларға ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, елимиз ушын 2018-жыл инсан ҳуқықларын жүзеге шығарыў, халқымыздың конституциялық ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе ири ўақыяларға бай болды. Есап бериў жылында бул бағдарда 60 нызам ҳәм 2 мыңнан аслам басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилгени ҳәм олар парламентлик және жәмийетлик қадағалаўды буннан былай да күшейтиўге, суд-ҳуқық системасын жетилистириўге, қолай инвестициялық орталықты жаратыўға, тәсиршең жәмийетлик-сиясат алып барыўға жәрдемлесип атырғаны да буны айқын дәлиллейди.

Омбудсман 2018-жылы да Олий Мажлис тәрепинен қабыл етилген нызамларды ислеп шығыў ҳәм додалаўдың барлық басқышларында белсене қатнасты. Омбудсманның қадағалаў-таллаў жумысына байланыслы материалларынан парламентлик тыңлаўлар процесинде, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары ўәкиллериниң мәлимлемелерин додалаў ўақтында кеңнен пайдаланылды.

Шаңарақ институтын беккемлеўге, жаслар камалаты ушын жақсы шараятлар жаратыўға, халықтың әззи қатламларына ғамхорлық етиў, усы мүнәсибет пенен «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен», «Yoshlar – kelajagimiz» сыяқлы мақсетли бағдарламалардың орынланыўына айрықша итибар қаратылды.

Есап бериў жылында инсан ҳуқықлары үстинлиги принципи БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары басқармасы менен бирге ислесиў, дин ямаса исеним еркинлигин тәмийинлеў бойынша қәнигелескен бағдарламаларда өз көринисин тапты. Әсиресе, Инсан ҳуқықлары пүткилжәҳән декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығын белгилеў бағдарламасын Өзбекстанда әмелге асырыўда Омбудсман белсене қатнасты.

Айрықша атап өтилгениндей, өткен жыл инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша миллий институтларды раўажландырыў тарийхында және бир тәрепи менен айқын из қалдырды. Яғный, БМШтың Париж принциплерине ҳәм инсан ҳуқықлары тараўындағы басқа да халықаралық ҳуқық ҳүжжетлерине муўапық, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) жумысының шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарлары күшейтилди. Қыйнаўдың ҳәм қарым-қатнаста болыў және жазалаўдың басқа да мийримсиз, адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатын аяқ асты ететуғын түрлериниң алдын алыўда Омбудсман ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ролин күшейтиў ҳаққында 2018-жыл 25-декабрь күни нызам қабыл етилди. Соның менен бир қатарда Омбудсман жумысының нызам ҳүжжетлеринде белгиленген бағдарларынан келип шығып, Омбудсман Секретариатының штаты еки есеге кеңейтилди ҳәм оның жаңа шөлкемлестириў структурасы тастыйықланды.

Омбудсман тәрепинен 2017-жылы енгизилген нызамшылық ўәкилликлери табыслы сынақтан өткерилди. Парламент палаталары комитетлерине мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары ўәкиллериниң хабарларын олар тәрепинен тыңлаў ҳаққында усыныслар, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери тараўындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўын, оған имканият жарататуғын себеп, шараятларды сапластырыў ҳаққында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына усыныслар, жумысында инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери бузылыўы анықланған шахсларды жуўапкершиликке тартыў ҳаққында өтинишлер, мәмлекетлик бажы төлемей судларға пуқаралардың мәплерин гөзлеп арза ҳәм даўалар киргизиўге байланыслы ҳуқықлар әмелге асырылды.

Омбудсман тәрепинен жумыстың бас бағдары сыпатында қамақта сақланып атырған шахслардың ҳуқықларын қорғаў бойынша да избе-из жумыслар алып барылды. Тастыйықланған «Қыйнаўдың ҳәм қарым-қатнаста болыў және жазалаўдың басқа да мийримсиз, адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатын аяқ асты ететуғын түрлериниң алдын алыўға байланыслы қадағалаў-таллаў илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў кестеси» шеңберинде миллий превентив механизм мандаты менен қамтып алынатуғын 70 тен аслам мәкемеге жыл даўамында парламент палаталары менен биргеликте мониторинг сапар етиўлер әмелге асырылды. Бул сапар етиўлерде депутатлар корпусы, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша миллий институтлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, «Human Rights Watch» халықаралық жәмийетлик шөлкеми ҳәм БМШтың балалар қорының ўәкиллери қатнасты.

2018-жылы Омбудсманның атына Өзбекстан Республикасы, сырт еллердиң пуқаралары ҳәм омбудсманлары, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм басқа да юридикалық шахслардан жәми 10 832 (2017-жылы – 9 074) мүрәжат келип түсти. Олардың 37 проценти инсан ҳәм пуқараның жеке ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине, 34,9 проценти социаллық, 25,1 проценти экономикалық, 2,3 проценти сиясий және 0,7 проценти экологиялық ҳуқықларға тийисли.

Омбудсманның халықаралық байланысларында да жанланыў бақланды. Есап бериў дәўиринде Омбудсман тәрепинен 2 халықаралық илаж шөлкемлестирилди. Сырт мәмлекетлердиң 22 омбудсманы менен, сондай-ақ, халықаралық ҳәм сырт ел институтларының 17 делегациясы менен ушырасыўлар өткерилди. Бул илажлар инсан ҳуқықларын ҳәм мәплерин тәмийинлеў тараўында Өзбекстан тәжирийбесин кеңнен үгит-нәсиятлаў имканиятын берди. Әсиресе, инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық институтлар менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Омбудсман 2018-жылы Миллий ҳуқықты қорғаў мәкемелери Глобаллық альянсының Женевадағы БМШ Миллетлер сарайында өткерилген мәжилисинде биринши мәрте бақлаўшы сыпатында қатнасқаны мәмлекетимиздиң бул тараўдағы реформалары дүнья жүзи көлеминде тән алынып атырғанынан дәрек береди.

Омбудсман есабатын додалаў даўамында сиясий партиялар фракцияларының ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының ўәкиллери шығып сөйледи. Олар тәрепинен мәмлекетимиз басшысының Конституциямыз қабыл етилгениниң 26 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи және 2018-жыл 28-декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжатынан келип шығатуғын ўазыйпаларды әмелге асырыўға байланыслы пикир-усыныслар билдирилди.

Бир сөз бенен айтқанда, Омбудсманның 2018-жылғы жумысына байланыслы есап критикалық-аналитикалық жақтан көрип шығылды. Буннан соң додалаўлар даўамында билдирилген пикир-усынысларды есапқа алған ҳалда депутатлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ниң 2018-жылғы жумысы ҳаққындағы есапты мақуллады ҳәм тийисли қарар қабыл етти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети

 

ӨзА