Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында «Жоқары оқыў орынларына тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳүжжет жойбары жәрияланды.

Ҳүжжет тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлигиниң жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў ушын өткерилетуғын тест сынақлары системасын жетилистириў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын усыныслары мақулланыўы мүмкин:

 

2019-2020-оқыў жылының қабыллаўынан баслап:

Әмелдеги тәртипти өзгерте отырып жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў бойынша кириў тест сынақларын июль-август айларында өткериў;

Ең жоқары баллдың 30 проценти ҳәм оннан жоқары балл топлаған абитуриентлерге пәнлер бойынша тест сынақларының нәтийжелери көрсетилген, 3 жыллық мүддетке шекем әмел ететуғын сертификат бериў ҳәм оларға үш тәлим бағдарына шекем таңлаўда қатнасыў ушын имканият жаратыў;

Абитуриентлер тәрепинен жоқары оқыў орынларын таңлаўда имтихан пәнлери блогы ҳәм избе-излигиниң сәйкеслигин итибарға алыў;

Тест сынақларын 2018-жылдагы тәжирийбеден келип шығып, үлкен сыйымлылыққа ийе имаратларда ҳәм зәрүрликке қарай қосымша имаратларда өткерилиўин даўам еттириў;

 

2020-2021-оқыў жылы қабыллаўынан баслап:

Тест пәнлери комплексин еки бөлимге ажыратып, 1-бөлимге барлық тест тапсырыўшылар ушын мәжбүрий 3 пән – ана тили, математика ҳәм Өзбекстан тарийхы, 2-бөлимге талабанлық болып атырған тәлим бағдарына сәйкес болған еки пәнди киргизиў;

Жаслардың ана тили бойынша саўатлылық дәрежесин арттырыў ҳәм анықлаў мақсетинде жазыў көнликпелерин баҳалаў ушын «Өзбек тили», «Рус тили», «Қарақалпақ тили» пәнлери бойынша айрықша сынақларды шөлкемлестириў.

 

Белгилеп қойылыўына қарағанда:

Мәжбүрий пәнлер бөлиминдеги тест тапсырмалары әпиўайыластырылған болып, абитуриентлердиң улыўмалық саўатлылық дәрежеси ҳәм таяныш билимлерин баҳалаўға бағдарланады;

Абитуриентлердиң тест сынақлары ҳәм таңлаўда қатнасыўы ушын Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы дизимге алыў системасы басқышпа-басқыш жолға қойылады;

Алдындағы оқыў жылларында билимлендириў мәкемесин питкерген абитуриентлерден тест сынақларында қатнасыўы ушын ең кем мийнет ҳақының бир есесине тең муғдарда жыйым өндириледи (толық мәмлекетлик тәмийнаттағы жетим балалар, I ҳәм II топар майыплары буған кирмейди). Бул жыйымлар Мәмлекетлик тест орайының жумысларын раўажландырыў қорына бағдарланады. Быйылғы жылдағы питкериўшилер ушын тест сынақлары бийпул тийкарда өткериледи;

Тест өткерилген күнниң ертеңине абитуриенттиң пәнлер бойынша тест сынағынан улыўма топлаған баллары Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланады;

Абитуриенттиң тест сынақлары нәтийжеси бойынша алған баллы усыныс етиўге жетерли болған жоқары оқыў орны (тәлим бағдары)нда оқыў имканияты жаратылады;

Тест сынақлары толық жуўмақланғаннан соң бир ҳәпте мүддет ишинде жоқары оқыў орынлары тәлим бағдарларына таңлаў өткериледи;

Өзбек ҳәм қарақалпақ тиллериндеги тест тапсырмалары тек ғана латын әлипбесинде таярланады;

Тест сынақлары процеси ушын билимлендириў мәкемелери басшылары ҳәм педагог хызметкерлерден топар қадағалаўшылары қәлиплестириледи;

Тест сынақлары процесине тартылған қатнасыўшылары (Мәмлекетлик тест орайының ўәкили, имарат басшысы ҳәм топар қадағалаўшылары)н мийнет ҳақы менен тәмийинлеў, тест сынақлары өткерилетуғын имаратлардың ижара төлемлери Мәмлекетлик тест орайы жумысларын раўажландырыў қоры қаржылары есабынан әмелге асырылады;

Абитуриентлер санының кескин артыўы, тест материалларын сапалы етип таярлаў ҳәм қорғаў менен байланыслы болған жумыс көлеминиң артып барыўы, тест сынақлары өткерилетуғын тараў бағдарларының көбейиўин есапқа алып, хызметкерлерди социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ушын Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына муўапық Мәмлекетлик тест орайының тийкарғы штаттағы хызметкерлериниң лаўазымлық мийнет ҳақысын белгилеўде тариф коэффициенти 2,0 есеге көбейтиледи;

Хызметкерлердиң илимий потенциалын арттырыў мақсетинде Мәмлекетлик тест орайын раўажландырыў қоры қаржылары есабынан илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) (ямаса оған теңлестирилген сырт ел мәмлекетлери) илимий дәрежесине ийе хызметкерлерине 30 процент, илим докторы (DSc) ) (ямаса оған теңлестирилген сырт ел мәмлекетлери) илимий дәрежесине ийе хызметкерлерине 40 процент айлық мийнет ҳақысына үстемелер төлеп бериледи;

Мәмлекетлик тест орайы жумысларын раўажландырыў қорына түсетуғын қаржылардың 80 процентине шекем болған муғдары Мәмлекетлик тест орайы директорының буйрығына муўапық, хызметкерлерге лаўазымлық мийнет ҳақысының 200 проценти муғдарына шекем (бирақ, 100 проценттен кем болмаған муғдарда) айлық үстемелер төлеў, материаллық жәрдем көрсетиў, хызмет ўазыйпаларын ҳүжданы ҳәм басламашылығы менен атқарғаны ушын сыйлық пулы және олардың материаллық хошаметлениўине бағдарланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.