2019-жыл 6-февраль күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда мәмлекет турмысының ҳәр қыйлы тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге бағдарланған бир неше нызам жойбарлары көрип шығылды, деп жазады Kun.uz.

Президенттиң 2018-жыл 13-июльдағы тийисли қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған бул жойбарға муўапық, экономикалық мәселелер бойынша суд додалаўларында жәриялылықты тәмийинлеў мақсетинде Экономикалық процессуал кодексине судтың нызамлы түрде күшке кирген шешиўши қарарларын (жабық суд мәжилислеринде шығарылған шешиўши қарарлар буған кирмейди) тәреплердиң разылығы тийкарында Өзбекстан Республикасы Жоқары судының рәсмий веб-сайтында жәрияланыўы шәрт екенлигине байланыслы нормалар киргизилмекте.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта суд додалаўларында жәриялылық оны видеоконференцбайланыс режиминде өткериў, онлайн тәризде де узатыў ҳәм аудио ямаса видеожазыўға алыў жолы арқалы тәмийинленбекте. Суд додалаўларында жәриялылық ҳәм әшкаралықты тәмийинлеўдеги кейинги қәдем болса судтың шешиўши қарарларын интернет тармағында, соның ишинде, Жоқары судтың рәсмий веб-сайтында жәриялаў болып табылады.

Депутатлардың пикиринше, нызамшылыққа киргизилип атырған усы сыяқлы жаңалықлар суд жумысларын алып барыў системасына әпиўайыластырылған тәртипти енгизиў, ислерди жеделлик пенен көрип шығыў, белгили бир түрдеги келиспеўшиликлер бойынша шешиўши қарарларды бақлап барыў мүмкиншилигин береди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги