Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманлары, қарарлары менен бийликлери, баянламалары және Министрлер Кабинетиниң ҳүжжетлери менен тапсырмаларының орынлаўы үстинен қадағалаўды буннан былай да жетилистириў мақсетинде Министрлер Кеңеси Шөлкемлестириў-қадағалаў топарының басламасы менен қол телефон арқалы алып барылатуғын «СМС-НАЗОРАТ» (3700 қысқа номерли) бағдарламасы иске түсирилди.
Бул бағдарлама Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-октябрдеги “Мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде атқарыў тәртибин буннан былай да беккемлеў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-3962-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылды.
Белгили болғанындай, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында алып барылып атырған реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўы, биринши гезекте, мәмлекетлик басқарыў ҳәкимиятының барлық буўынларында атқарыў тәртибиниң зәрүр дәрежеде шөлкемлестирилиўине байланыслы, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Шөлкемлестириў-қадағалаў топарының баслығы Р.Рысназаров.
Бағдарламаның абзаллығы сонда, буннан былай Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары менен Басқарма, секретариат, топар ҳәм бөлим баслықлары Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен өзлерине жүкленген тапсырмалар ҳаққындағы мағлыўматларды қосымша түрде өз қол телефонлары арқалы да алады. Яғный, Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен берилген тапсырма ҳәр бир орынлаўшы хызметкердиң мобиль телефонына хат орынланғанша Министрлер Кеңесиниң Шөлкемлестириў-қадағалаў топары тәрепинен күнине үш мәрте ескертиў хабарнамасы жибериледи.
Әҳмийетли тәрепи, егер орынлаўшылар тапсырмаларды өз мүддетинен кешиктиргенде, бул туўралы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мобиль телефонына автомат түрде мағлыўмат келип түседи.
–Статистикалық мағлыўматларға қарағанда ҳәр бир адам өз мобиль телефонына күнине 40 мәрте нәзер таслайды,– дейди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы “Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў орайы” МУК директоры, бағдарламаны жаратыўшы О.Турғанбаев. – Бул болса, орынлаўшы смс хабарды алып оқыўы ушын 90%ке мүмкиншилик береди. Себеби, социаллық тармақлар менен электрон почталар арқалы (Е-mail) мағлыўматларды алыў ушын бизге әлбетте, интернет зәрүр болады. «СМС-НАЗОРАТ» (3700 қысқа номерли) бағдарламасында ислеўде болса, интернет ҳәм мобиль телефонда баланс болыўы шәрт емес.


Жуўмақлап айтқанда, бул бағдарлама – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң хызметкерлери Министрлер Кеңеси баслығы тәрепинен өзлерине тапсырылған тапсырмаларды белгиленген мүддетлерде, ҳәттеки, мүддетинен алдын орынланыўына хызмет етеди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети