Бүгин Мойнақ жаңаланыўлар босағасында тур. Ол өзгермекте, жаңаланып атыр, жасармақта. Соңғы еки жылда бул районды социаллық-экономикалық раўажландырыў, бул жердеги адамлардың турмыс тәризин жақсылаў, жумыс орынларын жаратыў бағдарында бир қатар ҳәрекетлер әмелге асырылды. Бир ғана өткен жылы бул мақсетлерге  аймақлар 12 миллиард сумлық инвестициялық жойбарлар әмелге асырылғаны пикиримиздиң дәлили.

Район тәбийғый ресурсларға бай. Ол географиялық жайласыўы, өзине тән туризм потенциалы, мәдений мийрас объектлери ҳәм үлкен мийнет резервлери менен өз алдына ажыралып турады. Ҳәзирги күнде аймақта 30 мыңнан аслам халық жасайды. Бирақ, соның менен бирге, Мойнақтың басқа районларға уқсамаған Арал теңизи менен байланыслы өз «дәрти» де бар. Себеби теңиздиң шегиниўи мойнақлылар ушын көплеген машқалаларды келтирип шығарды. Соған қарамастан, жергиликли халық қыйыншылықларды сабыр-тақат пенен жеңип районды «саҳра мерўерти»не айландырыў жорында пидәкерлик пенен мийнет етпекте.

Бундай пидайы адамларға зәрүр шараят жаратып бериў болса ҳәр биримиздиң парызымызға айланыўы керек.

Сонлықтан мәмлекетимиз басшысы өткен жылдың ноябрь айында Мойнаққа сапары ўақтында районды социаллық-экономикалық раўажландырыў, қосымша инвестицияларды киргизиў, келеси еки жылда заманагөй қала қурылысындағы барлық жаңалықты енгизиў арқалы бул жерде жаңа қалаша қурыў, заманагөй инфраструктура жаратыў бойынша тапсырма берди. Усы жылдың 16-январында болса Министрлер Кабинети тәрепинен «Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарар қабыл етилди. Нәтийжеде быйылдан баслап, бул мақсеттеги жумыслар жаңа басқышқа көтерилмекте.

Ҳүжжетке тийкарланып, Мойнақ районының географиялық жайласыўы ҳәм тәбийғый ықлым өзгешеликлеринен келип шыға отырып, инновациялар, технологиялар ҳәм инвестициялар орайына айланлдырыўды нәзерде тутатуғын, барлық зәрүр инфраструктураға, соның ишинде, инновациялық мектеп, спорт объектлери, емлеў-профилактика мәкемелери, заманагөй аэропорт, мийманхана, саўда ҳәм кеўилашар дем алыў орынлары, «сельфи объект»лер, оптик талшықлы интернет тармағы, IP-телевидениеге ийе болған қалаша жаратылады.

Қарар менен, сондай-ақ, «2019-2021-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын жедел комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў» Бағдарламасы да тастыйықланды. Онда балалар бақшалары, улыўма билим бериў мектеплери, спорт объектлери, денсаўлықты сақлаў мәкемелери, мәденият объектлерин реконструкциялаў, жаңаларын қурыў ҳәм зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў, жол-транспорт инфраструктурасын, халықтың жасаў шараятын ҳәм сапасын жақсылаў мақсетинде инженерлик-коммуникация системасын раўажландырыў және модернизациялаў, турақ жайларды қурыў бойынша кең көлемли жумыслар нәзерде тутылған.

Қарар тийкарында усы ҳақыт ишинде районда санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында әмелге асырылатуғын перспективалы инвестициялар жойбарлардың мәнзилли дизими де тастыйықланды.

Бағдарлама ҳәм мәнзилли дизимде нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында және сапалы орынланыўын тәмийинлеў болса 2017-2021-жылларда Аралбойы регионын раўажландырыў Мәмлекетлик бағдарламасының әмелге асырылыўын муўапықластырыў және системалы қадағалаўды тәмийинлеў Республикалық комиссиясына жүкленди.

Мойнақты экономикалық-социаллық раўажландырыўға қаратылған инвестициялық жумыслардың орынланыўын өз ўақтында тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, министрлик ҳәм уйымлар, атап айтқанда, Бас прокуратура зәрүр илажларды көреди.

Мәнзилли дизимде нәзерде тутылған санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларының жойбарларын әмелге асырыў ушын коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процентли қәрежетлердиң бир бөлеги Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаўды мәмлекетлик қоры тәрепинен белгиленген тәртипте конпенсация етип бериледи. Бул ушын қорға мәмлекетлик бюджеттен 30 миллиард сум ажыратылады. Шет ел инвестициялары қатнасыўындағы кәрханаларға алып кирилип атырған двигатель көлеми 2,4 литрден аз болмаған жоқары өтиў қәбилетине ийе транспорт қуралларынан бажы төлемлери өндирилмейди. Районның туристлик потенциалын үгит-нәсиятлаў бойынша таярланған реклама роликлери болса Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы телерадиоканалларында бийпул эфирге бериледи. Соның менен бирге, Мойнақта ис баслайман, деген сырт ел инвесторларына жер участкалары 50 жыл мүддетке шекем «ноль» сатып алыў баҳасында бериледи.

Мойнақта комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыўда жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Мойнақ районын раўажландырыў қоры да шөлкемлестириледи.

Бул еле ҳәммеси емес. Мойнақты раўажландырыўға жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар системалы түрде тийисли жумысларды орынлап барады. Мәселен, Экономика ҳәм санаат министрлиги «Ўзметкомбинат», «Ўзқурилишматериаллари», «Ўзнефтмаҳсулот» акционерлик жәмийетлери қурылыс объектлери ушын орташа биржа катировка баҳаларында тиккелей шәртнамаларға муўапық, металл прокаты, цемент, қурылысқа қолайлы айна ҳәм жанылғы – майлаў материалларын жеткерип береди. «Ўзбекэнерго», «Ўзтрансгаз» акционерлик жәмийетлери халықты электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен үзликсиз тәмийинлейди, бағдарлама және мәнзилли дизим шеңбериндеги объектлер ушын инженерлик-коммуникациялар тармақларын қурыў илажларын көреди. Орайлық банк районларда коммерциялық банклердлиң филиаллары және мини банк кассаларын ашса, «Ўзбекистон темир йўллари» акционерлик жәмийети қурылыс материалларын Қоңырат темир жол станциясына жеңилликли баҳаларда жеткерип береди.

Қысқасы, жақын келешекте жыллар даўамында итибардан шетте қалған, тәбияттың аўыр сынақларын басынан кеширген мойнақлылардың ҳеш кимнен кем болмай, турмыстан разы болып жасаўы ушын барлық қолайлықларға ийе жаңа қалаша қурып бериледи. Бул мәнзил санаат потенциалы социаллық шараяты ҳәм экономикалық қүдирети менен ҳақықый «саҳра мерўерти»не айланажақ.

Бас прокуратура жанындағы

Мәлимлеме таллаў мультмедиа

орайы материаллары тийкарында

Д.УЛУҒМУРОДОВ таярлады

«Халқ сўзи» 2019-жыл

31-январь №21(7251)