Усы жыл 4-февраль күни «Кафолат суғурта компаниясы» АЖ  Қарақалпақстан филиалында Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы менен бирликтеги қоспа мәжилис болып өтти.

Оған филалдың ҳәм оның район(қалал)лық бөлимлериниң хызметкерлери қатнасты.

Мәжилисте, Федерация қәнигелери шығып сөйлеп, Федерация ҳәм оның район(қала)лық жәмийетлери тәрепинен тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей бул мәжилис, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-майдағы «Елимизди демократиялық жаңалаў процесинде пуқаралық жәмийети институтларының ролин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм оған тийкарланып шығарылған тийисли көрсетпелердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилмекте.

Усы тийкарда дүзилген режеге муўапық орынларда пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў, халықтың машқалаларын системалы түрде үйрениў ҳәм анық шешилиўинде нәтийжели жәмийетлик қадағалаўдың орнатылыўын тәмийинлеў мақсетинде социаллық шериклик тийкарында Федерацияның Таяныш топарлары (басланғыш шөлкемлери) шөлкемлестирилмекте.

Таяныш топарларын дүзиўден тийкарғы мақсет – жәмийетлик тийкарда кәрхана ҳәм шөлкемлерде Федерацияның өз ўәкиллери болыўын тәмийинлеў, ол арқалы орынларда жумыс ислеп атырған пуқаралардың өз орнында шешилиўи мүмкин болған гейпара мүрәжатларының жоқары шөлкемлерге берилиўиниң алдын алып, тез ҳәм өз орнында шешилиўин тәмийинлеў, шөлкем басшылары менен бирге ислесиўди жолға қойыў болып есапланады.

Мәжилисте, Таяныш топар ҳәм оның тәртип-қағыйдалары туўралы түсиниклер берилди. «Кафолат суғурта компаниясы» АЖ Қарақалпақстан филиалында дүзилетуғын Таяныш топар бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли шешим қабыл етилди.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.