Өмирбай Өтеўлиев,

жазыўшы, журналист

 

ҚУМЫРСҚА КӘРЎАНЫ

Жаз пасылы ақырлап, тутлардың сарғайған жапырақлары саўылдап төгилмеге қарады. Аўылдағы шежиреши, Ғайып атаның үйине ертелеп сәлемге барсам мөлдек жерине таң сәҳәрде  кетипти. Тары қырманына «Қыдыр дарып», гүрек бели менен бурқылдата атқанының үстине шықтым. Қушақ аша көрисип, белине ийек арта азы-кем дем алыспа қылды.

– Қырманға берекет! – деп үйин-үйин дәнлерине ушып қонған қусларды ғыйт-ғыйтлап, бурынғыдай палақпан-сақпан атпаған бийпәрўалығына таңландым.

–  Дийқандики жетиден бири, барлығын өзимиз алсақ, басқалар аш қалмайма?! Байқадың ба, қус баласынан басқа  қурт-қумырсқа, жанлы-жәнликлер ҳәм дәмедар! – деп қолымнан жетелеп, бир  шеттеги үйинен бир түйирлеп тынымсыз дән тасып атырған қумырсқалар кәрўанын ийеги менен нусқады.

– Азаннан қара кешке шекем бир қулқын, бир тамақ деп зыр жуўыратуғын адам, ушқан қус, кийиктей қумырсқа да тири жан, тамағы бар, аңқасы кеўип шөллейди. Гүзги қырманнан несийбесин, жыйнаса жети қат жердиң астындағы уясына бекинип, қыс уйқысына жатады.

Дыбыссыз, жәбир берип, аяқ асты қылмасаң өзлигинен шақпас. Өшегиссе қалай болмасын балақ-жеңлеринен кирип, жалаңаш денеңди бүриле шақса уўдай ашытады…

Быжнаған қумырсқалардың бул дөгеректе, мен билетуғын  бир нешше түри бар. Майда шымалайларынан басқа асықтай ирилери қызыл, қара реңлилери жер баўырлап, ушатуғын қанатлылары ҳәм анда-санда гезлеседи. Гүзли-бәҳәр жыллы жерлерге үйир, жайдың бир мүйешине уя салып, дастурханыңдағы нанның усағын, бир түйир ширени бир нешше күнге азық қылады.

Суўдың бетин сыза қашатуғын мешинлердей зуўылдап тегинликте услатпайды. Бурынлары, қудайын ойлаған адамлар қумырсқалар кәрўанын аяқлары менен тапламай, айланып өткен. Пайғамбарымыз шапанының етегиндеги пышықтың уйқысын бузбаў ушын бир шалғайын кесип кетипти. Мениң де қумырсқаға деген ҳүрметим күшли. Үлкен-кишилигине қарамаң, өзимиздей тәбияттың жанлы бир перзенти. Қоршаған орталыққа қандай пайда келтирери нәмәлим, зыяны жоқтай, орны гиреўли…

Ҳәр күни бир шети үйимизге шекем созылатуғын қумырсқа кәрўанына аяқ қосыў менен мөлдек жериме келемен. Атлап өткендей салмадан өрмекшиниң аўылдағы қоңыр түсли тор сабағын аспа көпир етип қойыпты…

Қумырсқадан жыртқыш аңлардың султаны, жүрекли, аўызлары себеттей, ыйығына таў жүклесең де ылақтыратуғын жолбарыс өлердей қорқады. Жан жери, уясындағы жаңа туўылған қызыл шақа баласын шымалайлар бас салып таласа илаж ете алмай, адамзаттан жәрдем сораўға мәжбүр. Басы аўырған жылан жолдың ортасында жатып, кәрўанына кесент келтирсе жабыла талап, жеп қойыўданда қайтпайды.

Қумырсқа пал ҳәррелерине усап мийнеткеш, «тамақсаў» болғаны менен етке шықпайды, – деген атамыз алақанына шырт түкириў менен ғурыжланып, қырманын атыўға киристи…