2019-жыл 14-январь күни Нөкис қаласы «Қызкеткен» МПЖда жасайтуғын Р.Ш. қаладағы Т.Ешанов көшесинде жайласқан ресторан алдында Б.А. тәрепинен қараўсыз қалдырылған «Дамас» маркалы автомашинаны урлап қашып, П.Сейтов көшесинде басқарыўды еплей алмастан автомобильди аўдарып алған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы хабар берди.

Көрилген шаралар нәтийжесинде Р.Ш. қолға алынған. Жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги