«Жаслар китапханасы» жойбары шеңберинде Өзбекстан жаслар аўқамының Орайлық Кеңеси тәрепинен Жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесине 36 түрдеги 27 мың китап берилген еди.

Жақында пайтахтымыздағы Жаслар орайында усы китапларды республикамыздың барлық қала ҳәм районларындағы улыўма билим бериў мектеплерине тапсырыў мәресими болып өтти.

Мәресимге Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы А.Данияров қатнасты.

– Ҳәр жылы аўқам тәрепинен «Жаслар китапханасы»на баспадан шыққан китаплар бериледи. Китапларды баспадан шығарыўда жаслардың пикир – усыныслары  есапқа алынып, олар сүйип оқыйтуғын китаплар басып шығарылады. Берилип атырған ҳәр бир китаптан утымлы пайдаланып, оларды қәстерлеўимиз керек, – дейди А.Данияров. Шынында да, китап – бийбаҳа байлық.

Илаж қатнасыўшылары 36 түрдеги китаптан түрли жас категориясында мектеп оқыўшылары арасында «Жас китапқумар» таңлаўын шөлкемлестириўди белгилеп алды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы