Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Жаңа жыл байрамына бағышланған «Жаңа жылды излеп» атамасында байрам тамашасы қойылмақта.

27-декабрь күни оған Арқа-Батыс әскерий округиниң әскерлери, республикамыздың шегара районларында жайласқан әскерий бөлимлерде Ўатан алдындағы әдиўли миннетин атқарып атырған әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары келип, тамашалады.

«Жаңа жылды излеп» театрластырылған музыкалы тамашасы әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ушын өзине тән саўға болды. Балалықтың бийғам дүньясына жетелейтуғын бул ертектиң авторы Байрам Айтмуратов, режиссёры Роза Пиязова, сахна көринисин жаратыў ҳәм кийимлер бойынша художник Толыбай Шердамбетов,

– Спектакльде балаларды жақсылыққа ийтермелейтуғын Қызыл қалпақша, Аяз ата, Қар қызы, Доңыз, Қоян сыяқлы образлардың кең қамтып алынғаны, олардың қарақшылар, Мәстан кемпир сыяқлы жаман образлар менен қарама-қарсылықлары тамашаның тәсиршеңлигин және де арттырған, – дейди театр актёры Баҳадыр Жапаров. – Быйылғы тамашамыз алдынғы жыллардан өзгеше түрде тек диалоглардан емес, ал, аяқ ойынлары, қосықлардан да ибарат. Ертек ҳәм мультфильмлердиң қаҳарманлары атқаратуғын бул аяқ ойынларды жас балетмейстер Ерполат Есемуратов сахналастырды. Тамашаларымыз оқыўшылардың дем алыс күнлери даўамында ҳәр күни саат 10:00, 12:00, 14:00 ҳәм 16:00 де қойылады.

29-декабрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Президент аршасы» байрам тамашасының өткерилиўи режелестирилген.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.