Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик академиялық музыкалы драма театры тәрепинен 26-декабрьден «Жаңа жыл саўғасы» атамасындағы театрластырылған байрам тамашасы тамашагөйлер итибарына усынылмақта.

Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Б.Назарымбетов ҳәм жас режиссёр, актёр М.Усеновлардың режиссёрлығында сахналастырылып атырған байрам тамашасының художниги Т.Шардеметов,  сахналастырыўшы балетмейстер Өзбекстан халық артисти А.Шарипов.

– Жаңа жыл байрамына арнап шөлкемлестирилген тамашамыз тамашагөй таңламайды. Яғный онда балалар ушын да, жасы үлкенлер ушын да қызықлы болатуғын бағдарламалар бар, – дейди режиссёр, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Б.Назарымбетов. – Қосықшыларымыздан М.Сапаева, М.Утемуратов, С.Аннақулова, жаслардан Б.Разымбетов, Р.Қайыпназаров, актёрлардан Қарақалпақстан халық артисти С.Дәўлетова,  Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалын питкерип келген жас актёрлар халқымыз хызметинде болады. Республикамыздың Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай сыяқлы узақ районларынан, аўыл пуқаралар жыйынларынан, мәкеме ҳәм оқыў орынларынан жыйналып жәмәәт болып келиўшилерден усыныслар болып атыр. Сеансларлардың ўақытларын усы тамашагөйлердиң жағдайына, шараятына қарап қойыўға ҳәрекет еттик.

Байрам тамашасында «Тойға айтыўшы», «Психиатр», «Тойдан кейинги тартыс» интермедиялары ҳәм «Ертеклер дүньясы» атамасында балалар ушын спектакль қойып бериледи.

«Жаңа жыл саўғасы» атамасындағы театрластырылған байрам тамашасы ҳәр күни саат 12:00, 15:00, 18:00 де басланады.

  М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.