Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Ишки туризмди жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери ушын И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхат шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Арнаўлы Олимпиада спорт бойынша жәмийетлик бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими дизиминдеги үй шараятында билим алып атырған балаларды да қамтып алған қайырқомлық илажының мақсети – усындай балалардың руўхый дүньясын және де байытыў, музейде алып барылып атырған жумыслар менен кеңирек таныстырыў ҳәм байрам қарсаңында кеўиллерин көтериўден ибарат.

Елимизде жас әўладтың ҳәр тәреплеме, заманға сай раўажланыўы ушын барлық шараятлар жаратылып, жеңилликлер берилмекте. Әсиресе, имканияты шекленген балалар ушын көп қолайлықлар жаратылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-августтағы пәрманы тийкарында шөлкемлестирилген Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған усынысларды таярлаў бойынша комиссия тәрепинен майыплықты ерте анықлаў ҳәм алдын алыў, майыплығы болған шахсларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.