Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракциясының 2018-жылғы режесине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Экономика, Мектепке шекемги билимлендириў министрликлери, Туризм комитети тәрепинен жуўмақланыў алдында турған жылда алып барған жумыслары бойынша есапларын тыңлаўға арналған фракция мәжилиси болып өтти.

Оған партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзЛиДеП фракциясы ағзалары, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутатлары, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзЛиДеП фракциясы баслығы С.Турманов ашты ҳәм басқарып барды.

Илажда депутатлық топардың режесине муўапық, депутатлық қадағалаў-бақлаў жумыслары, сондай-ақ, депутатлық топардың жумысларын еле де жанландырыў ҳәм тийисли кәрхана, шөлкемлердиң жуўапкер шахсларының есапларын тыңлаў ҳәм бул бағдарда партия алдында турған баслы ўазыйпалар бойынша мәселелер сөз етилди.

Мойнақ районының экономикалық потенциалын раўажландырыў, өндирис, хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеўди шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, Президентимиздиң «Мойнақ районын 2017-2018-жылларда экономикалық жақтан раўажландырыўға ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында исленген жумыслар туўралы Қарақалпақстан Республикасы Экономика министрлигиниң, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасын басқарыўды түп-тийкарынан шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманын орынлаў бойынша Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң, Президентимиздиң «Ишки туризмди жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары  бойынша исленген жумыслары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Туризм комитетиниң есаплары тыңланды.

Оларда атап өтилгениндей, Мойнақ районын раўажландырыў бойынша бүгинги күнде 7 жойбар турмысқа енгизилип, «Қара-ой Мойнақ-Бабур» ЖШЖ тәрепинен полиэтилен қалталар,«Platinum Muynak» ЖШЖ  тәрепинен таяр тигиўшилик өнимлерин, «Мойнақ аква санаат» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен балық ушын жем ислеп шығарыў, «Jasmine gold group» ЖШЖ тәрепинен артемия цистасын жыйнаў ҳәм тазалап шығарыў жолға қойылды.

Районның туристлик потенциалын жоқарылатыў мақсетинде «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи», «Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың қосықлары», «Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар» гастрономиялық ҳәм экофестиваллардың өткерилиўи үлкен тарийхый ўақыя болды.

Районда 2019-жылда санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 1,6 есеге, тутыныў товарларын ислеп шығарыў 1,5 есеге, аўыл хожалығы өнимлери 1,3 есеге, хызметлер көрсетиў көлеми 1,7 есеге өсиўи режелестирилмекте.

Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң есабында да тараўда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес тармақларды және де кеңейтиў, олар арасында саламат бәсекилик орталығын қәлиплестириў бойынша шараятлар жаратыў, мектепке шекемги билимлендириў системасының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша өткен жылға салыстырғанда бир қанша алға илгерилеўшилик болғаны атап өтилди.

Мәжилис даўамында күн тәртибиндеги усы мәселелер бойынша өткен жыл даўамында исленген ҳәм 2019-жылда ислениўи керек болған жумыслар бойынша есаплар тынланғаннан соң фракция ағзалары өзлериниң пикир-усынысларын билдирди. Илаж даўамында партияның алда турған баслы ўазыйпалары да белгилеп алынды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.