Телеграмдағы New Muynak City каналында мәлим етилиўинше, усы жылдың 26-декабрь күни Мойнақ районында қурылыўы жобаластырылған «Ғәрезсизликтиң 27 жыллығы» қалашасы, «Мойнақ авка санаат» МУКтың балықты қайта ислеў консерва заводы, «Fumei Group» ЖШЖ қоспа кәрханасының қамыстан ағаш өнимлерин ислеп шығаратуғын заводының ирге тасы қойылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Т.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродов ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.Ж.Раматов қатнасты.

Мийманлар халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде әмелге асырылып атырған район орайынан «Қазақдәрья» АПЖға алып баратуғын жолды оңлаў ҳәм қайта қурыў жумыслары, сондай-ақ, Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл қапламалы тоғайлықларды пайда етиў жумыслары менен танысты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.