2019-жылы ҳәкимниң Халық депутатлары кеңеси баслығы сыпатында жумыс алып барыўына байланыслы тәртип бийкар етилиўи керек.

– Олий Мажлис палаталары басшыларына (Н.Йўлдошев, Н.Исмоилов) еки ай мүддетте усы мәселелерди депутат ҳәм сенаторлар арасында және орынлардағы ўәкилликли органларда кең түрде додалап, әмелий илажлар бағдарламасын қабыл етиў усыныс етиледи, – деди Президент.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги