Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске Мүрәжатында айтып өтти.

Өзбекстанның даңқлы тарийхын жаңадан, жақсы үйрениў ушын ғалаба хабар қураллары, Интернет ресурсларынан кең пайдаланыў оғада айрықша әҳмийетке ийе екенин бәршемиз жақсы түсинемиз. Усы мақсетте МТРК компаниясы қурамында «Өзбекстан тарийхы» каналын шөлкемлестирип, илимий жәмийетшилик, дөретиўши зыялыларымыз бенен биргеликте оның бағдарламаларын пуқта қәлиплестириў керек, – деди Президент.

Сондай-ақ, «Ўатанымыз тарийхынан көринислер» дүркининде турақлы түрде илимий ҳәм илимий-жәмийетлик китапларды баспадан шығарып барыў мақсетке муўапық, деп ойлайман.

Президент тарийхты үйрениў мәселелерине тоқтала отырып, елимиз музейлеринде сақланып атырған тарийхый экспонатларды толық хатлаўдан өткериў, ҳәр бир музейдиң каталогын жаратыў кереклигин атап өтти.

Министрлер Кабинетине бир ай мүддетте бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын тийисли илажлар ислеп шығыў ўазыйпасы жүклетилди.

Мүрәжат даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги