Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-декабрь күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов, Қазақстан Ресапубликасы Президенти Нурсултан Назарбаев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғон менен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары кирип киятырған Жаңа жыл мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, жақсы тилеклер билдирди.

Өз-ара бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды, 2018-жылда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўдиң жуўмақлары шығарылды, көп қырлы шерикликти беккемлеўдиң перспективалы бағдарлары менен анық жойбарлары көрип шығылды.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен сөйлесиўде мәмлекет басшылары Өзбекстан – Россия дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары жедел раўажланып, избе-из беккемленип атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Россия Федерациясы Президентиниң усы жылы октябрь айында елимизге мәмлекетлик сапары еки тәреплеме бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтерип, оны анық әмелий мазмун менен байытқаны атап өтилди.

Барлық дәрежедеги жедел ҳәм избе-из байланыслардың жолға қойылғаны, Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның нәтийжели жумыс жүргизип атырғаны атап өтилди.

Аймақлар ҳәм бизнес дәрежесиндеги пикирлесиў жеделлести. Усы жылдың гүзинде Ташкент қаласында өз-ара қатнасықлар тарийхында биринши мәрте аймақлараралық ҳәм билимлендириў форумлары өткерилди.

Өз-ара саўда көлеми артпақта, аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериўде «жасыл коридор» енгизилди. Елимизде, атап айтқанда, энергетика, нефть-газ, химия, машина қуралысы, электротехника, тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм басқа да көплеген тармақларда Россияның жетекши компаниялары менен банклериниң қатнасыўында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Апрель айында Қандым газди қайта тислеў комплекси иске қосылды, октябрь айында және бир оғада әҳмийетли жойбар – Өзбекстандағы биринши атом электр станциясы қурылысының жойбарына старт берилди.

Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында, соның ишинде, елимизде Россияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиалларын ашыў бойынша бирликтеги бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен сөйлесиўде 2018-жыл туўысқан еллеримиз ҳәм халықларымыз арасында дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў дәўири болғаны айрықша атап өтилди.

Президент Гурбангули Бердимуҳамедовтың усы жыл апрель айында Өзбекстанға нәтийжели мәмлекетлик сапары ҳәм август айында Аваза қаласында болып өткен Аралды қутқарыў халықаралық қоры саммити шеңбериндеги ушырасыўлардың әмелий нәтийжелери еки тәреплеме бирге ислесиў ҳәм регионаллық шерикликтиң раўажланыўына жаңа пәт бағышлады.

Ташкент ҳәм Ашхабадта миллий көргизбелер ҳәм исбилерменлик илажларының табыслы өткерилгени, Исбилерменлер кеңесиниң шөлкемлсетирилгени товар алмасыў көлемин арттырыў және экономиканың түрли тармақларында кооперацияны кеңейтиўге хызмет етти.

Мәмлекет басшылары регионның транзитлик потенциалын жүзеге шығарыўға қаратылған жойбарларды алға қойыў зәрүрлигин және белсенди аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды избе-из даўам еттириў тәрепдары екенин атап өтти.

Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев пенен сөйлесиўде мәмлекет басшылары Қазақстанда Өзбекстан жылы деп жәрияланған 2018-жылда еки тәреплеме қатнасықлар жаңа пәт, сапа ҳәм мазмунға ийе болғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өзбекстан менен Қазақстанның көп қырлы бирге ислесиўин кеңейтиўдиң тәсиршең механизмине айланған Ҳүкиметлераралық бирликтеги комиссия шеңбериндеги ушырасыўлар турақлы өткерилмекте. Ноябрь айында биринши Аймақлараралық бирге ислесиў форумы табыслы шөлкемлестирилди.

Өз-ара саўда көлеми жоқары пәт пенен өспекте, машина қурылысы, электротехника, азық-аўқат санааты, туризм, транспорт ҳәм логистика тараўларында кооепрация бағдарламалары менен жойбарлары әмелге асырылмақта. Мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жедел болып атырғаны атап өтилди.

Бүгинги күнде 2019-жылда Өзбекстанда Қазақстан жылы шеңберинде көплеген ири илажлар өткериўге таярлық көрилмекте.

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен сөйлесиўде жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлер, өткен жылдың өзинде Анқараға ҳәм усы жылдың бәҳәринде Ташкентке өз-ара тарийхый сапарлар еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтергени атап өтилди.

Сиясий тараўда конструктивлик бирге ислесиў раўажланбақта, парламентлераралық пикирлесиў жеделлести.

Саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанслық-техникалық бирге ислесиў кеңеймекте. Экспорт ҳәм импорт көлеми жедел өспекте. Түркияның жетекши компанияларының қатнасыўында қала, транспорт-логистика ҳәм туризм инфраструктураларын модернизациялаў, елимизде заманагөй санаат кәрханаларын қурыў бойынша бирликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.

Мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўдиң беккемленип атырғаны, сондай-ақ, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында жойбарлардың әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Соңында мәмлекет басшылары еллеримиз арасында дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў және беккемлеў, көп қырлы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында умтылысларының исенимли екенин атап өтти.

Президентлер жаңа – 2019-жылда мәмлекетлеримиз халықларына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

ӨзА