Жаңа жылда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының орынланыўы ушын 4 триллион сумнан аслам қаржы ажыратыў нәзерде тутылмақта, деп жазады ӨзА.

Президентимиз Олий Мажлис ҳәм депутатларға Мүрәжатнамасында пайтахт ҳәм ўәлаят орайлары болған қалаларды емес, ең алды менен, аймақларда жайласқан қала ҳәм посёлкаларды комплексли раўажландырыў дыққат орайында турыўы кереклигин атап өтти.

Бас министр А.Ариповқа елимиз халқының урбанизация дәрежесин 2030-жылға шекем 60 процентке жеткериў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама ислеп шығыў ўазыпасы жүклетилди.

«Аўыллық жерлерде үлги типиндеги турақ жайларды қурыў бағдарламаларынан басқышпа-басқыш қала ҳәм посёлкаларда көп этажлы жайларды қурыўға өтиўимиз керек. Коммуналлық-инженерлик инфраструктурасы турақ жайларды қурыў менен үзликсиз байланыслы ҳалда раўажланыўы керек», – деди Президентимиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги