Усы жыл 26-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма төртинши сессиясы болып өтти. Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Жоқарғы Кеңес депутатлары, министрликлер менен уйымлардың, мәкеме ҳәм кәрханалардың, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Атап өтилгениндей, жуўмақланып атырған жыл өзиниң тарийхый ўақыялары, экономиканы раўажландырыў, турмысымыздың барлық тараўларындағы унамлы өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар менен ажыралып турады. Бунда Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған кең көлемли реформалар, инсанларды турмыстан разы етиў бағдарындағы дөретиўшилик жумыслар, анық мақсет және ўазыйларды өзинде жәмлеген Пәрман, қарар ҳәм бағдарламалар айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Жуўмақланып атырған жылға нәзер таслар екенбиз, Президентимиздиң Қарақалпақстанға деген айрықша итибары ҳәм ғамқорлығы нәтийжесинде халқымыздың ийгилиги ушын хызмет ететуғын бир қатар ири кәрханалардың иске түскенлигиниң гүўасы боламыз. Атап айтқанда, жақында ғана Қараөзек районында улыўма баҳасы 200 миллиард сум болған «Титан цемент» ЖШЖ қоспа кәрханасының иске түскенлиги, Тақыятас районында  20,4 миллиард сумлық металл-конструкция ислеп шығарыў заводының пайдаланыўға берилгенлиги, Елликқала районында 80,4 миллиард сумлық «Бостан мега текстиль»  кәрханасының жумыс баслағаны,  Кегейли районында улыўма баҳасы 31,5 миллиард сум болған целлюлоза ислеп шығаратуғын «Кегейли қағаз», 30,8 миллиард сум болған боян тамырын қайта ислейтуғын «Ланко мия» кәрханаларының иске түскенлиги, Нөкис қаласында улыўма баҳасы 33,5 миллиард сум болған медицина буйымларын ислеп шығаратуғын «Нукус Мед Тех» кәрханасының жаңадан қурылып пайдаланыўға тапсырылғанлығы экономикамызды буннан былай да беккемлеў менен бир қатарда, халқымыздың турмыс шараятларының жақсыланып барыўына хызмет етпекте.

Соның менен бирге, Қанлыкөл районында 312 миллиард сумлық «Kanteks invest» тоқымашылық кәрханасының жаңадан қурылып, Төрткүл районында  баҳасы 44,5 миллиард сумлық медициналық шийше ыдысларын ислеп шығарыў жолға қойылып,  Нөкис қаласында ярым автомат кир жуўыў машиналарын ҳәм хызмет көрсетиў техникаларын, ысытыў котёлларын ислеп шығарыў жойбарлары әмелге асырылмақта.

Соны да айрықша атап өтиў керек,  Президентимиз тәрепинен жаратылып берилген имканиятлар нәтийжесинде быйылғы жылы қосымша дәраматлар есабынан бүгинги күнге 288,5 миллиард сум қаржы көп жыллардан бери итибарсыз қалған социаллық тараў объектлеринде ири ҳәм ағымдағы оңлаў жумыслары, 64,5 миллиард сум «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, 12 миллиард сум медициналық әсбап-үскенелер сатып алыў, 25,5 миллиард сум Нөкис әскерий гарнизонындағы бир қатар имаратларды реконструкциялаў ҳәм 22,6 миллиард сум «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйынында реконструкция ҳәм абаданластырыў жумыслары ушын сарпланды.

Усылар менен бир қатарда,  быйылғы жылы Инвестиция ҳәм Инфраструктура объектлеринде қурылыс және оңлаў жумысларын алып барыў ушын 518 миллиард сум қаржы адыратылды. Соның ишинде, социаллық тараў объектлеринде бүгинги күнде 314 миллиард сумлық қурылыс, реконструкция ҳәм оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапарын халқымыз үлкен қуўаныш пенен қарсы алды. Сапар даўамында республикамызды буннан былай да раўажландырыў,  халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында бир  қатар әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди. Әсиресе мәмлекетимиз басшысының «Арал апатшылығынан ең көп зыян көрген  тийкарынан бул – Мойнақ халқы, олардың сабыр-тақаты, ўатансүйгишлиги ҳәм мийнеткешлиги ушын рахмет айтыўымыз, соған мүнәсип хызмет етиўимиз керек», «Мәденият Мойнақтан басланады»,-деген пикирлерин айрықша атап өтиўимиз керек. Өткен қысқа ўақыт ишинде Мойнақ үлкен дөретиўшилик майданына айланып, жаңа турақ жайлар, социаллық-мәдений объектлер, өндирис кәрханаларын қурыў жумыслар баслап жиберилди.  Соны да айрықша атап өтиў керек, Президентимиздиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде Арал машқаласына жәҳән жәмийетшилигиниң итибарын қаратқаны, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондының шөлкемлестирилиўи халқымыздың турмысындағы тарийхый ўақыялардың бири болып табылады.

Президентимиздиң басшылығында болып өткен мәжилис протоколы менен 2019-2020-жылларда санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларын раўажландырыў бойынша  жәми 11 триллион 283 миллиард сумлық 793  жойбардың мәнзилли бағдарламасы тастыйықланды. Буннан тысқары, Нөкис қаласындағы «Дослық» каналы жанында заманагөй «Нөкис сити» орайын ҳәм Нөкис қаласында жаңа транспорт логистикасын шөлкемлестириў, Азия раўажланыў банкиниң қатнасында Әмиўдәрья, Беруний, Қараөзек, Қоңырат, Мойнақ ҳәм Нөкис районларында ишимлик суўы менен тәмийинлеў системасын қурыў ҳәм реконсрукциялаў, сондай-ақ, «Аралбойы регионын раўажландырыў» қорының қаржылары есабынан  2019-жылы ишимлик суўы аўыр болған районларға қосымша 28 миллиард сум қаржы ажыратыў, Нөкис қаласында 3 жоқары оқыў орнының филиалын ашыў, Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалына 75, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына  25 абитуриентти қосымша квота тийкарында қабыл етиў ўазыйпалары белгиленип, олардың орынланғанын бүгинги турмысымыз мысалында көриўимизге болады.

Президентимиз Мойнақ районының халқы ушын барлық қолайлы шараятларды жаратып бериў, Арал теңизи әтирапындағы экологиялық жағдайды  жақсылаў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берди.  Сол тийкарда бүгинги күни район менен «Қазақдәрья» посёлкасы арасындағы 45 километрлик жолдың қурылысы алып барылмақта. Оны пайдаланыўға тапсырыў арқалы Мойнақ районы менен «Қазақдәрья» посёлкасы арасындағы жол 260 километрге қысқарыўы күтилмекте.

Соның менен бирге, 2019-2021-жылларда 500 мың гектар майданға шөлге шыдамлы өсимликлерди егиў ўазыйпасы белгилеп алынды. Бүгинги күни сексеўил егиў жумыслары баслап жиберилип, жергиликли бюджеттен 10 миллиард сум қаржы ажыратылды. Бул ушын 15 мың гектар майдан егиске таярланып, соннан 7 мың гектарына сексеўил егилди. Оның туқымын жыйнаўға 600, егис жумысларына 500 ден зыят жумысшы, 150 дана техника, соның ишинде ўәлаятлардан қосымша техникалар қатнаспақта.

Президентимиз тәрепинен Арал машқаласының дүнья жәмийетшилигине жеткерилиўи, аймақ халқы ушын барлық имканиятлардың жаратылып берилиўи, донор мәмлекетлер менен халықаралық шөлкемлер тәрепинен көп муғдардағы қаржының ажыратылыўы бәршемизге айрықша жуўапкершилик жүклейди. Себеби, Арал машқаласының тәсирлерин жумсартыў, теңиз ултанына шөлге шыдамлы дақылларды егиў ҳәр биримиздиң перзентлик парызымыз болып табылады.  Сонлықтанда, депутатлар пуқаралар жыйынларының ақсақалларын, жасларымызды, гүллән халқымызды усы ийгиликли иске үлес қосыўға шақырыў мақсетинде  Жоқарғы Кеңестиң Үндеўин жәриялаў мәселесин көрип шықты ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасының 2019-жылдағы Бюджети параметрлери ҳаққында республика Қаржы министри М.Содиқов баянат жасады. Бул бойынша Жоқарғы Кеңестиң депутаты, Елликқала районының ҳәкими С.Авезов шығып сөйлеп, депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Күн тәртибиндеги «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеси депутатларын шақырып алыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы С.Турманов баянат жасады. Булл мәселе бойынша 26-санлы «Шаббаз» сайлаў округинен депутат Х.Ешимбетов шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда сондай-ақ,  «Мийнетти қорғаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакцияда) жойбары туўралы мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Д.Қурбаниязов баянат жасады. Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жәлменов көрип шығылып атырған Нызамның әҳмийетине тоқтап өтти. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Күн тәртибиндеги «Қарақалпақстан Республикасының айырым Нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы С.Турманов баянат жасады. Бул мәселе бойынша 10-санлы «Бердақ» сайлаў округинен депутат Р.Қаландарова шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда Мектепке шекемги билимлендириў тараўын реформалаў ҳәм раўажландырыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилиги ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинованың есабаты тыңланды. Бул бойынша депутатлар тийисли қарар  қабыл етти.

Буннан кейин Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын нызам ҳүжжетлери, халықаралық мийнет стандартлары  ҳәм ҳүкиметлик қарарларға муўапық тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған  жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри  У, Сабуровтың есабаты тыңланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат системасын түп-тийкарынан рефомалаў ҳаққындағы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң орынбасары И.Юнусов баянат жасады. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар  қабыл етти.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының талапларына муўапық Гүлнара Базарбаева Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының баслығы етип тайынланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда Республика Жынаят ислери бойынша судының баслығы Гүлнара Базарбаева шығып сөйлеп, депутатлар тәрепинен билдирилип атырған исеними ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм бундай жуўапкерли ўазыйпаны атқарыўда өзиниң күш-жигерин, билимин ҳәм тәжирийбесин жумсайтуғынын атап өтти.

Сессияда Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма төртинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Сессияның жумысына Өзбекстан Республикасы Қаржы министриниң орынбасары А.Каримов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.