25-декабрь күни Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасында Қазақстан әдебияты ҳәм мәденияты орайының ашылыўына бағышланған илаж болып өтти.

Бул орай Қазақстанда Өзбекстан жылы шеңберинде шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан Миллий китапханасының директоры А.Абдуазизов Қазақстанның Өзбекстандағы елшиханасының кеңесгөйи М.Туякбаев, Қазақстан Миллий академиялық китапханасы директорының орынбасары А.Кожабекова ҳәм басқалар Қазақстан әдебияты ҳәм мәденияты орайы өзбек ҳәм қазақ халықларының дослығы ҳәм туўысқанлығының нышаны сыпатында шөлкемлестирилгенин атап өтти.

Әзелден араласып жасап киятырған, дос ҳәм туўысқан болған халықларымыздың әдебияты ҳәм мәденияты да бир дәрьядан суў ишип, раўажланған. Қазақстанда Өзбекстан жылы шеңберинде еллеримиздиң әдебий ҳәм мәдений мәкемелери менен биргеликте көплеген илажлар өткерилди. Мәмлекетимизде Қазақстан әдебияты ҳәм мәденияты орайының ашылыўы бул бирге ислесиўдиң келешегин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Орайда Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевтың жумысы, оның халықаралық майданда тутқан орнына бағышланған китаплар, қазақ жазыўшыларының шығармалары орын алған. Қазақ халқының мәдений турмысын сәўлелендиретуғын бул китаплар өзбек китап қумарлары арасында үлкен қызығыўшылық оятатуғынына гүман жоқ.

Ҳәзирги күнде 23 мәмлекетте Қазақстан әдебияты ҳәм мәденияты орайлары жумыс алып барады.

Илаж даўамында белгили қазақ шайыры Абай Қунанбаевтың дөретиўшилигинен үлгилер тыңланды. Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы ҳәм Қазақстан Миллий академиялық китапханасы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Зуҳра МИРЗАБОЕВА,

ӨзАның хабаршысы