2018-жыл 25-декабрь күни Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында өткерилген гезектеги «Ҳүкимет сааты»на төменги палатадағы Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының басламасы менен «Қалаларда арзан көп квартиралы жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў және аўыллық жерлерде жаңаланған үлги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, алдағы ўазыйпалар ҳаққында»ғы мәселе киргизилди.

Бул мәселе бойынша депутатлардың сораўлары бойынша Өзбекстан Республикасы қурылыс министри А.Тўхтаев ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

Президентимиздиң басламасы менен қалаларда арзан көп квартиралы жайлар және аўыллық жерлерде жаңаланған үлги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар қурылысы халықтың жыллар даўамында орынланбаған әрманын әмелге асырмақта. Соның нәтийжесинде елимизде көп жыллардан берли халықты қыйнап киятырған ири социаллық машқалалардан бири жеделлик пенен шешилмекте.

2018-жылы жәми 13 917 квартиралы 335 турақ жайдың қурылыўы режелестирилген еди. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының аймақларға сапарлары ўақтында берген тапсырмаларына тийкарланып болса қосымша 90 жай қурылыўы белгиленген. Солардан 79 көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылған. Қалғанларында қурылыс-монтажлаў жумыслары даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 18-январьдағы «2018-жылы турақ жай қурылысын раўажландырыў мақсетли бағдарламаларын нәтийжели әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық болса халық ушын жәми 16 360 арзан жай қурылыўы белгиленген. Соннан 5 942 синде қурылыс-монтажлаў жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылған.

Бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылып, қурылыс шөлкемлери ушын бир қатар жеңилликлер берилип атырған бир ўақытта көплеген кемшиликлер де ушырасып турғаны «Ҳүкимет сааты»нда атап өтилди.

Депутатлар халқымызды турақ жай менен тәмиийнлеў, қурылыс жумысларын сапалы ҳәм өз ўақтында жуўмақлаў, сондай-ақ, аймақларда қурылып атырған жайлардың әтирапында инфраструктураларды жаратыў бағдарындағы мәселелер, адамларды ойландырып атырған машқалалар ҳаққында әҳмийетли сораўлар менен мүрәжат етти. Әсиресе, депутатлардың наразылықларына себеп болған мәселе – Ташкент, Сырдәрья, Наўайы және Хорезм ўәлаятларында қурылыўы режелестирилген 4539 турақ жайдан бүгинги күнге шекем бирде-биреўи пайдаланыўға тапсырылмағанын түсиндириўди сорады.

Депутатлардың пикиринше, турақ жай қурылысы бойынша тапсырмалардың әмелге асырылыўын мүддетинен бурын орынлаўға, есабатлардағы статистиканың унамлы болыўын тәмийинлеўде жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен де бир қатар кемшиликлерге жол қойылғанына көз жумыўға болмайды. Терең ойланбай, тийисли жуўмақлар тийкарында жумыс алып барылмағаны айырым аймақларда қурып питкерилип атырған турақ жайларға халықты орналастырыўда қыйыншылықларды жүзеге келтирмекте.

Министр депутатлардың сораўларына жуўап берип, бундай жағдайларға министрлик ҳәм тийисли инспекциялар тәрепинен де қатаң қадағалаў алып барылып, кемшиликлерге жол қойған жуўапкер адамларға шаралар көрилип атырғанын атап өтти.  Өз гезегинде, қадағалаўшылар ҳәм қурылыс объектлерин қабыл етип алыўшылардың да жуўапкершилигин арттырыў бойынша өз пикирлерин билдирди.

«Ҳүкимет сааты» шеңберинде берилген сораў-жуўаплардан келип шығып, депутатлар тәрепинен министрликтиң жумысында жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша бир қатар пикир-усыныслар билдирилди. Атап айтқанда, турақ жай қурылысы тараўындағы 27 жыл бурын ислеп шығылған, ҳәзир улыўма талапқа жуўап бермейтуғын нормативлерди пүткиллей жаңадан ислеп шығыў, соның менен бирге Өзбекстан Республикасының Турақ жай кодексин бүгинги күн талапларынан келип шығып қайта көрип шығыў усыныс етилди.

Мәжилис жуўмағында халықты турақ жай менен тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумыслар бойынша нәтийжели парламентлик қадағалаў алып барыўға келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети