Makan.uz сайтына Султанбек Зияевтиң мәлим етиўинше, жақында Шоманай районы «Бегжап» АПЖ аймағында сағаллар аўыл турғынлары Юсуп Қурбанов ҳәм Анвар Жолдасбаевқа тасланып, тислеп алған. Нәтийжеде олар ҳәзирги ўақытта Шоманай районы медициналық бирлеспесинде қутырыўға қарсы емленбекте.

Kar24.uz сайтының хабар бериўинше, жоқарыдағы еки пуқарадан тысқары Шоманай районындағы «Қарабайлы» АПЖда қутырған сағал аўылда жасаўшы ҳаялға да тасланып, тислеп алған. Ҳаял тезлик пенен район емлеўханасына жеткерилген. Тексериў нәтийжесинде, сағал қутырған екени анықланған. Бул ҳаққында Шоманай районы ҳәкиминиң орынбасары Инъомжон Алланиязов мағлыўмат берген.

Мағлыўматта айтылыўынша, район ҳәкимияты аўшылар топарын дүзип, қутырған сағалларды атыўды тапсырған. Буннан тысқары, егер кимде-ким сағалды атып өлтирсе, 50 мың сум берилиўи ўәде етилген.

Қосымша мағлыўмат, өткен жылы Шоманай районы «Дослық байрағы» ҳәм «Дийханабад» АПЖларда да бир топар балаларды қасқырлар талаған еди.

Makan.uz дәрегиниң мағлыўматына қарағанда, сағаллар үй ҳайўанлары – таўықлар, қой-ешкилерге жийи-жийи тасланып атырған.