Парламент төменги палатасының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша комитети тәрепинен Ишки ислер министрлиги академиясында «Жазаны орынлаў мәкемелеринен босатылған шахслар үстинен ишки ислер уйымларының ҳәкимшилик қадағалаўы ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарының екинши оқыўға таярланған текстти додалаўға бағышланған кеңейтилген мәжилис болып өтти.

Елимизде жынаятшылықтың ерте алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бағдарында пүткиллий жаңа система, жаңаша көзқарас әмелге асырылмақта. Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-марттағы «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары әҳмийетли қолланба ўазыйпасын атқармақта.

Соны айрықша атап өтиў зәрүр, бул бағдарда әмелге асырылған жумыслар өз нәтийжесин узақ күттирген жоқ. Жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықтың ерте алдын алыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер менен улыўма жынаятшылықты 36 процентке азайтыўға ерисилди. 3 мың 205 ямаса 35 проценттен аслам мәҳәлледе болса бир де жынаят жүз бермеди. Бул санлар усы бағдардағы жумыслардың дурыс жолға қойылғанынан дәрек береди.

Жаңа редакциядағы нызам жойбары бул жумыслардың үзликсиз даўамы болып есапланады. Жойбар нызамшылық палатасына киргизилгенде дәслеп 4 бап, 24 статьядан ибарат еди. Кейин ала Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша комитети тәрепинен екинши оқыўға кең жәмийетшилик, тараў қәнигелери ҳәм экспертлердиң усыныслары менен додалаўлары нәтийжесинде нызам жойбары дийдине жеткерилип 4 бап ҳәм 21 статьядан ибарат жағдайға келтирилди.

Бул процессте ҳәр бир статьяның жетилистирилиўи, әмелиятта еки түрли таллаўға имканият қалдырмаў мәселесине үлкен итибар қаратылды.

Сондай-ақ, бул нызам жойбары тиккелей әмел ететуғын жойбар сыпатында ислеп шығылды және оннан барлық жеңил нормалар алып тасланып, олардың орнына анық процессуаллық механизмлерди өз ишине алатуғын қағыйдалар киргизилди.

Мәжилисте болып өткен додалаўлар, мәсләҳәтлесиўлер даўамында тараў қәнигелери менен экспертлердиң пикир-усыныслары алынып, нызам жойбарын Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги жалпы мәжилисинде екинши оқыўға киргизиў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Илаж даўамында Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты және Ишки ислер министрлиги академиясы арасында өз-ара бирге ислесиў Меморандумына қол қойыў мәресими де шөлкемлестирилди.

Қол қойылған Меморандумға муўапық, норма дөретиўшилигин буннан былай да жетилистириў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў жумысының нәтийжелилигин арттырыў, таярланған нызам жойбарларын илимий экспертизадан өткериў, нызамшылық  машқалалары ҳәм оларды әмелге асырыў илажларын биргеликте көриў, нызамшылықтағы әҳмийетли машқалалар бойынша дөгерек сәўбетлерин, жәмийетшилик додалаўларды ҳәм басқа түрлердеги илажларды биргеликте шөлкемлестириўге келисип алынды.

Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы