2018-жыл 25-декабрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар елимизде социаллық, экономикалық, суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Депутатлар жумысты «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы және Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалаўдан баслады.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўге үлкен итибар берилмекте. Парламент төменги палатасының депутатлары тәрепинен таярланған бул нызам жойбары да мине усы жылдағы илажлардан болып, Президентимиздиң 2018-жыл 5-майдағы «Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясының қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланған илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўы бойынша ислеп шығылған.

Депутатлардың пикиринше, бул Өзбекстанда «миллий превентив механизм» институтының енгизилиўин, яғный қамақта сақлаў орынларына Омбудсманның кирип турыўы арқалы қыйнаў ҳәм басқа да мийримсиз, адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатты кемситетуғын қатнасық ҳәм жаза түрлериниң алдын алыў илажлары көрилиўин аңлатады.

Жойбарда Омбудсман қамақта сақлаў орынларына киргенде ол жерде сақланып атырған шахслардың саны ҳаққында мағлыўмат алыўы, оларды сақлаў шараятын үйрениўи, шахслар менен жеке ушырасыўы, ондай орынларда шахсты сақлаўдың нызамлылығын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер менен танысып шығыўы мүмкин екенлиги сыяқлы нормалар өз сәўлелениўин таппақта. Сондай-ақ, қамақта болып турған шахсты медициналық тексериўден өткериўди талап етиўи, қамақта сақлаў орынлары администрациясының нызамға қайшы ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги)ниң алдын алыў бойынша қыстаўлы илажлар көриўи, шахсларды қамақта сақлаўдың шараяты ҳаққында өз шешимин таярлаўы ҳәм оны тийисли уйымларға жибериўи, усы сыяқлы жумысты жетилистириўге қаратылған усынысларды ислеп шығыўы нәзерде тутылмақта.

Қамақта сақлаў орынларынан тысқары, шахс өз ерк-ықрары менен кетиў имканияты болмаған басқа орынларға да Омбудсманның кирип барыўы нәзерде тутылмақта. Бундай орынлардың қатарына шахсты суд ямаса басқа ўәкилликли уйымның қарары менен жайластырылатуғын ҳәр қыйлы интернат мәкемелери, социаллық қәўипли кеселликлер менен аўырған шахсларды емлеў ҳәм сақлаў мәкемелери, психиатрия мәкемелери ҳәм басқалар киреди.

Ең тийкарғысы, нызам жойбарында Омбудсманның бул жумысына әмелий жәрдем бериўи ушын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллеринен ибарат экспертлер топарының дүзилиўи зәрүрлиги ҳаққындағы норманы киргизиў, Омбудсман Секретариатында оған жәрдем бериў секциясын дүзиў нәзерде тутылмақта. Оннан тысқары, лаўазымлы шахслардың Омбудсман алдындағы жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жаңа 1974-статья киргизиў ҳәм онда Омбудсманның нызамлы жумысына тосқынлық еткени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик орнатыў усыныс етилмекте.

Депутатлардың атап өтиўинше, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи елимизде «миллий превентив механизм»ди енгизиў, сол тийкарда демократиялық реформалар процесинде әдиллилик, адамгершилик ҳәм нызам үстинлиги сыяқлы принциплерди нәтийжели әмелге асырыўда және де қолайлы шараят жаратады.

Мәжилисте көрилген мәселелер арасында Мәмлекетлик геология комитети, оның қарамағындағы шөлкемлер ҳәм орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жер асты байлықларынан пайдаланыў тараўындағы ролин, жуўапкершилигин арттырыў, бул тараўда жедел инвестициялық сиясатты жүргизиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде «Жер асты байлықлары ҳаққында»ғы ҳәм «Суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамларға және Ҳәкимшилик жуўапкершилпик ҳаққындағы кодекске тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын додалаў да қызғынлы өтти.

Депутатлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде жумысын нызамшылыққа муўапық әмелге асыратуғын жер астынан пайдаланыўшылар санының көбейиўи ҳәм салық түсимлериниң артыўына, қымбат баҳалы металлар менен қымбат баҳалы тасларды қазып алыўды нызамластырыў, пайдалы қазылмаларды рухсатсыз қазып алыў жағдайларына шек қойыўға хызмет етеди. Ҳәзирги ўақыттың өзинде нызамның қабыл етилиўи юридикалық ҳәм физикалық шахслардың усы тараўдағы нызамсыз жумыслары ушын жуўапкершилигин күшейтиўге, мәмлекетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыўға, сондай-ақ, жер асты байлықларын сақлаў ҳәм олардан мақсетке муўапық пайдаланыўды тәмийинлеўге жәрдем береди.

Бүгинги глобалласыў күн сайын жедел  түрге енип атырған бир ўақытта пуқаралардың жеке мағлыўматлары менен мәлимлемелериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтиў орынлы. Елимиз Конституциясына муўапық ҳәр бир шахс жеке өмир қәўипсизлиги, жеке ҳәм шаңарақлық сыр, өз қәдирин қорғаў ҳуқықына ийе. Қала берди, «Мәлимлемелестириў ҳаққында»ғы нызамға тийкарланып физикалық шахслардың жеке мағлыўматлары ҳаққындағы мәлимлеме конфиденциал мағлыўматлар қатарына киреди.

Бул нормалар соннан дәрек береди, мәмлекетте инсанның жеке турмысы ҳаққындағы мағлыўматларды қорғаў мәмлекетлик сыр қурамына киретуғын мағлыўматларды қорғаў дәрежесинде әмелге асырылады.

Мәжилисте депутатлардың пикир таласына себеп болған мәселелерден және бири – «Жеке мағлыўматлар ҳаққында»ғы нызам жойбары да мине усындай турмыслық зәрүрлик себепли таярланғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Санлы технологиялар дәўиринде пуқаралардың тийкарғы ҳуқықларын қосымша беккемлеўге қаратылған әҳмийетли ҳуқықларды тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын бул нызам жойбары жеке мағлыўматлар менен ислесиў қатнасыўшыларының орнатылған норма ҳәм қағыйдаларға әмел етиўин тәмийинлеў, пуқараларға өз жеке мағлыўматлары үстинен қадағалаўы бойынша кең имканиятлар жаратыўға жәрдем береди. Сондай-ақ, жеке мағлыўматларды халықаралық жеткерип бериўди әпиўайыластырады ҳәм қай жерде қайта ислениўине қарамастан, пуқаралар мағлыўматларының қорғалыўын тәмийинлеў кепилликлерин жаратады. Пуқараларға зыян келтириўи мүмкин болған, соның ишинде, олардың жеке өмирине қол қатылмаслығы бойынша ҳуқықлары менен нызамлы мәплери бузылыўының алдын алыўға жәрдемлеседи.

Додалаўлар даўамында депутатлар Өзбекстан тарийхында инсанның жеке өмирине қол қатылмаслығын қорғаў бағдарында жаңа басқышты баслап беретуғын бул нызам жойбары әҳмийетли ҳәм зәрүр ҳүжжет болатуғынын атап өтти. Бирақ бул сөз ҳәм пикир еркинлигиниң шеклениўине алып келмеўи зәрүрлигин атап өтти.

Мәжилисте парламент төменги палатасы жанындағы Суд ҳәкимиятының еркинлигин тәмийинлеўге жәрдемлесетуғын комиссия тәрепинен усыныс етилген мәселе – судлардың имаратлар, материаллық-техникалық тәмийнаты бағдарында Самарқанд, Ташкент, Қашқадәрья ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине парламент сораўын жибериў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы экономика министри Б.Ходжаевқа жиберилген «Өзбекстанда энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм энергия үнемлейтуғын инновациялық технологияларды қолланыў перспективалары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының парламент сораўына жуўабы оқып еситтирилди.

Сондай-ақ, мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети