Өзбекстанда және жеке меншик қорғаў агентликлери пайда болады. Бул Президент қарары менен тастыйықланған, 2019-жылы Өзбекстан Республикасында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелилигин арттырыў бойынша «Жол картасы»нда нәзерде тутылған.

Жеке меншик қорғаў агентликлери 2014-жылдың 1-февралына шекем Өзбекстанда хызмет етип келген – соннан берли тек ғана Ишки ислер министрлиги жанындағы «Қорғаў» бирлеспеси қорғаў хызмети менен шуғылланады, ол шәртнама тийкарында компанияларға хызмет көрсетеди.

«Жол картасы»нда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелилигин арттырыў бойынша төмендеги илажлардың әмелге асырылыўы белгиленген:

– қорғаў хызмети менен шуғылланыўды және де жетилистириў бойынша илажлар көриў, атап айтқанда, мәмлекетлик емес шөлкемлерге қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша қорғаў хызметине ҳәм хызметлер көрсетиўге рухсат бериў;

– ишки ислер органларының жол-патруль бөлимшелери хызметкерлери ушын мобиль видеокамералар және ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы жумысларды рәсмийлестириў ҳәм көрип шығыўдың электрон системасы планшетлерин сатып алыў;

– алкогольдан өткир мәслик жағдайында болып, өзиниң ҳәрекетлери менен ҳуқық-тәртипке қәўип туўдыратуғын шахсларды ўақытша изоляциялаў ҳәм реабилитациялаў ушын ҳәр бир районлық (қалалық) денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде айрықша бөлмелер ажыратыў.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.