Усы жылы 25-декабрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрының 40 жыллығына бағышланған кеше болып өтти.

Илажда театр директоры, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери П.Айтмуратов, театрдың биринши режиссёры, Өзбекстан Республикасы халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Н.Аңсатбаев, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, театр жәмәәтин усы сәне менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, 1978-жылы белгили драматург К.Рахмановтың «Егленген бәҳәр» спектакли менен  тунғыш пердесин ашқан театрда өткен дәўир ишинде жәҳән классиклериниң, туўысқан халықлардың ҳәм өзимиздиң белгили драматуглеримиздиң  спектакльлери, түрли сәнелерге бағышланған байрам тамашалары сахналастырылып, жас тамашагөйлерге инәм етилди. Жасларымыздың театр мәдениятына болған талабын қанаатландырыў, миллий үрп-әдетлеримизди сақлаў ҳәм оны келешек әўладқа жеткериў мақсетинде ашылған театр жәмәәти тек ғана елимиз көлеминдеги емес, соның менен бир қатарда сырт еллерде болып өткен таңлаўларға қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп қайтты. Атап айтқанда, 1995-жылы Ташкент қаласында өткерилген «Наўрыз», 1998-жылы  Ташкент қаласында өткерилген «Хумо», 2007-жылдың апрель айында Түркменстанның Ашхабад қаласында болып өткен «Фольклор ҳәм миллий театрлар», сол жылы сентябрь айында Египет мәмлекетиниң пайтахты Каир қаласында болып өткен  халықаралық фестивальларда қатнасып, дөретиўшилик жәмәәттиң мийнети төрешилер тәрепинен жоқары баҳаланды.

Ғәрезсизлик жылларында көркем өнерге, соның ишинде, театрларымызды раўажландырыўға қаратылып атырған итибар нәтийжесинде айтарлықтай табысларға еристи. Өзбекстан Республикасы ғәрессизлигиниң 27 жыллығы байрамы алдында театрдың жаңа имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы,  усы театрдың белгили актрисасы Л.Халықназароваға «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист» ҳүрметли атағының берилиўи қуўанышлы ўақыялардың бири болды. Жаңа имаратта дөретиўшилер ҳәм тамашагөйлер ушын барлық шараятлар жаратылған.

-Театр ашылған дәслепки жылдан бери усы жерде мийнет етип киятырман,-дейди Қарақалпакстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Жигербай Абдимов.-Сол жылы жәмәәтке белгили артистлер менен бир қатарда Ташкент театр ҳәм сүўретлеў өнери институтын питкерип келген  жаслардан Дәўлетбай Кеўлимжаев, Жарылқаған Жуманов, Арзыхан Наўрызов Жолдасбай Абыллаев, Азат Аңсатбаев, Нағмет Хожамуратов, Сапаргүл Дәўлетова, Айымхан Ақмурзаевалар мирәт етилди. Бүгинги күни болса қатарымыздың талантлы жаслар менен толысып атырғанлығы бизди қуўандырады.

Илаж қатнасыўшыларына театрдың дөретиўшилик жәмәәти тәрепинен сахналастырылған «Жаңа жылды излеп…» атамасындағы байрам тамашасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.