Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында Ҳаял-қызлар комитетиниң 2014-2018-жыллардағы жумысының жуўмақлары ҳәм келешектеги ўазыйпаларына бағышланған есап бериў-сайлаў конференциясы болып өтти.

photo5256168375866992953.jpg

Онда Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Танзила Норбоева шығып сөйлеп, комитеттиң бес жыллық жумысы менен тийкарғы ўазыйпалары, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жылдағы 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы шеңберинде әмелге асырылған жумыслардың есабына айрықша итибар қаратты.

Атап өтилгениндей, елимизде ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз халқының дерлик  50 процентин қураған ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллаў ҳәм оларға қолайлықлар жаратыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилмекте. Ҳаял-қызлар мәмлекетлик ҳәм басқарыў уйымлары, ўәкиллик уйымларында, өндирис, исбилерменлик ҳәм фермерлик тармақларында жәмийетлик-мәнаўий, сиясий-экономикалық тараўларда нәтийжели мийнет етип, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып келмекте.

Ҳаял-қызлар комитети бүгинги күнде ҳаяллардың исенимин ақлап киятырған абырайлы шөлкем болып есапланады. Қысқа дәўир ишинде комитет 8 мәмлекетлик ҳәм 11 мәмлекетлик емес шөлкемлер менен бирге ислесиў меморандумларына ҳәм бирликтеги қараралардың қабыл етилиўине еристи. Бир ғана, усы жылдың өзинде ҳаял-қызлар комитетлери ҳәм халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары тәрепинен 245 мыңнан аслам жумыссыз ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. Комитеттиң басламасы менен 2018-жылдың өткен дәўири даўамында 2 мың 346 киши цехлар шөлкемлестирилип, 16 мыңға шамалас ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди.

Сондай-ақ, коммерциялық банклер тәрепинен ҳаял-қызлардың исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде кредитлер ажыратыў ақырғы еки жыл даўамында дерлик 2 есеге арттырылды. Соның ишинде, 2014-2016-жыллар даўамында коммерциялық банклер тәрепинен ҳаял-қызларға исбилерменлик жумысы ушын 3,8 триллион сум кредит қаржылары ажыратылған болса, 2017-2018-жылларда бундай көрсеткиш 6,1 триллион сумды қурады.

Елимиз бойынша 47 мыңға шамалас аўыр турмыс шараятында жасап атырған, соннан 14 мың 600 майыплығы болған ҳаял-қызлардың дизимлери қәлиплестирилип, олар менен мәнзилли жумыслар алып барылды, олардың 14 мыңына медициналық жәрдем көрсетилди. 13 мың 500 иниң бәнтлиги тәмийинленди, 22 мыңына 21 миллиард сум муғдарындағы материаллық жәрдемлер берилди.

Атап өтилгениндей, комитет тәрепинен ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша системалы жумыслар жолға қойылған. Алып барылып атырған профилактикалық ҳаял-қызлардың жынаятшылығы 2016-жылда 5 процентке, 2017-жылда 11 процентке азайған болса, 2018-жылда 35,7 процентке азайыўына ерисилген. Мәселен, ҳәр қыйлы диний экстремистлик ағымлардың ағзасы болған ҳаялларды саламат турмысқа қайтарыў бағдарындағы ҳәрекетлер нәтийжесинде үш мыңнан аслам ҳаял арнаўлы дизимнен шығарылды. Быйыл 113 жынаят ҳәм 780 ҳуқықбузарлық ислеген ҳаял-қызлар кепиллик тийкарында жазадан азат етилди.

– Бүгин Ҳаял-қызлар комитетиниң бес жыллық жумысы, жетискенликлери менен режелери талланды, – деди Жиззақ қаласындағы Алмазар мәҳәллесиниң қәнигеси Офтобой Нишонова.  – Сөзсиз айтыў мүмкин, бул шөлкем өз адына қойған ўазыйпалары ҳәм әмелге асырған жумыслары менен ҳаял-қызлардың ҳәр тәреплеме исенимин ақлап үлгерди. Комитет ҳаял-қызларымыздың қуўаныш ҳәм қайғысына шерик болып әмелий жәрдемин берип келмекте. Сондай-ақ, шөлкемниң шаңарақларды беккемлеў,  шаңарақлық қәдириятларды сақлаў ҳәм шаңарақлардағы социаллық-мәнаўий орталықты саламатластырыў бағдарындағы кең көлемли жумысларын да тән алыў орынлы болып есапланады.

Соңында комитеттиң келешектеги тийкарғы ўазыйпалары белгилеп алынды ҳәм шөлкемлестириў мәселелери де көрип шығылды. Оған бола, комитет басқарыўы, президиумы ҳәм тексериў комиссиясының қурамы сайланды. Сондай-ақ, комитеттиң жаңа редакциядағы уставы қабыл етилди.

Конференцияда Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети баслығының лаўазымына бес жылға қайта сайланған Танзила Норбоева илаж қатнасыўшыларын ҳаял-қызларымыздың бахытлы жасаўын тәмийинлеўде шерикликке ҳәм бирге ислесиўге шақырды.

Есап бериў-сайлаў конференциясында Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Арипов шығып сөйледи.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы