Қарақалпақстан Республикасында жасап атырған социаллық қорғаўға мүтәж кем тәмийинленген 50 мың шаңараққа көмир сатып алыў ҳәм оларға қысқы мәўсимге таярлық көриў илажлары ушын материаллық жәрдем cыпатында 400 мың сумнан бир мәртелик төлемлер ажыратылады.

Усы жылдың 15-16-ноябрь күнлери мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасына сапарының нәтийжелери бойынша бул аймақтақтағы кем тәмийинленген шаңарақларды қыс мәўсиминде және де қоллап-қуўатлаў бойынша берген тапсырмалары тийкарында Ҳүкимет бийлиги қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Бийликке муўапық, 2018-жыл декабрь айында Қарақалпақстан Республикасында жасап атырған социаллық қорғаўға мүтәж кем тәмийинленген 50 мың шаңараққа көмир сатып алыў ҳәм оларға қысқы мәўсимге таярлық көриў илажлары ушын материаллық жәрдем сыпатында 400 мың сумнан бир мәртелик төлемлер ажыратылады.

Бул илажларды әмелге асырыў ушын 20 миллиард сум қаржы қаратылады.

Усы қаржылар биринши гезекте социаллық напақа алатуғынларға, жалғыз пенсионерлерге және Қоңырат, Мойнақ, Тахтакөпир, Қараөзек районларындағы социаллық қорғаўға мүтәж кем тәмиийнленген шаңарақларға ажыратылыўы нәзерде тутылған.

ӨзА