Пайтахтымыздағы «Ватанпарвар» мәкан пуқаралар жыйынында ҳаял-қызлар ушын өткерилген тренинг усындай аталды. 

Президентимиздиң «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының  ҳәм «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, «Шаңарақ» илимий-әмелий орайы ҳәм оқыў орынлары менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға  30 дан аслам ҳаял-қыз қатнасты.

Илажда пәрманның мазмуны ҳәм әҳмийети таныстырылып, мәмлекетимизде шаңарақ пенен байланыслы басқа да нызамларды ҳәм норматив ҳүжжетлерди билиўдиң әҳмийети, шаңарақтың жәмийеттеги орны сыяқлы мәселелер бойынша сәўбетлесилди.

– Инсанның ең таза туйғылары, дәслепки турмыслық түсиник ҳәм тәжирийбелери биринши болып шаңарақ қушағында қәлиплеседи. Баланың минез-қулқын, дүньяға көзқарасын белгилейтуғын жақсылық, меҳир-ақыбет, ар-намыс сыяқлы мәнаўий қәдириятлар шаңарақ орталығында кәмал табады, – дейди Нөкис қалалық Ҳаял-қызлар комитетиниң қәнигеси Г.Абибуллаева. – Бүгинги илаж да шаңарақ ҳәм оның жәмийеттеги орнын, шаңарақтың және некениң муқаддеслигин үгит-нәсиятлаўға, жас қызлардың сиясий-ҳуқықый саўатлылығын жоқарылатыўға қаратылған.

 

 

 М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.