Өзбекстан Қорғаныўына көмеклесетуғын «Ватанпарвар» шөлкеми қурамындағы Нөкис автомобиль мектебинде усы мектепте билим алып атырған жаслар менен «Адам саўдасына қарсы гүрес» атамасында үгит-нәсият илажы өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-августтағы «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң әскерий хызметкерлериниң руўхый-ағартыўшылық дәрежесин арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм оларды Ўатансүйиўшилик руўҳында тәрбиялаў мақсетинде өткерилген илажда мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары, Нөкис әскерий прокуратурасының, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң, Өзбекстан Республикасы Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң ўәкиллери қатнасты.

Нөкис әскерий прокуратурасы тәрепинен өткерилген илажда оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.

 

 М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.