Пайтахтымыздағы Өзбекстан Республикасы Әдиллик Министрлигине қараслы Қарақалпақстан юридика колледжинде өсип киятырған жас әўладты Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде әскерий бағдарға қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеплериниң 7-класс оқыўшылары арасында «Келешек әскерлери» таңлаўы болып өтти.

Таңлаў Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы 96038-әскерий бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Республикасы Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Таңлаўдың мақсети – мектеп оқыўшыларының Ана Ўатанға муҳаббатын, садықлығын беккемлеў, перзентлик парызын үлкен жуўапкершилик пенен орынлаўға талпындырыў, оқыўшы жасларда өз халқының тарийхын жақсы билиў ҳәм оның менен мақтаныш етиў, уллы бабаларымыз тәрепинен жаратылған мийрасларды көз қарашығындай сақлаў, келешек әўладқа жеткериў, миллий қәдириятларымыз ҳәм бабаларымыз белгилеп берген уллы жолларға садық қалыў жолындағы билимлерин және де беккемлеў ҳәм интеллектуаллық қәбилетлерин раўажландырыў болып табылады.

Таңлаў бир басқышта – Қарақалпақстан Республикасы көлеминде өткерилди. Онда оқыўшылардың тарийх, инглис тили пәнлери бойынша билими, топарын таныстырыўда зийреклиги, спорт түрлери бойынша шыныққанлығы сынақтан өткерилди ҳәм олардың өзлери билим алып атырған мектеби ҳаққында таярлап келген слайдлары баҳаланды.

 

Таңлаўға Хожели районындағы 15-санлы, Шымбай районы 36-санлы, Төрткүл районы 18-санлы ҳәм Нөкис қаласындағы 44-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеплеринен жәми төрт топар қатнасты. Ҳәр бир топарға зейинли 7 оқыўшыдан сайлап алынған.

Биринши орын Шымбай районындағы 36-санлы мектептиң «Қалқан» топарына, екинши орын Хожели районындағы 15-санлы мектептиң «Антакия» топарына несип етти. Үшинши орынды  Нөкис қаласы 44-санлы мектептиң «Жасурлар» ҳәм Төрткүл районындағы 18-санлы мектептиң «Темурбеклер әўладлары» командалары жеңип алды.

– Таңлаўда Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының әскерий бөлими командириниң орынбасары О.Исаков, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң оқыў-методикалық орайы директоры Қ.Жубанов ҳәм басқа да тиийисли қәнигелер төрешилик етти. Ҳәр бир оқыўшының таярлығы, сөйлеў мәденияты, өзин тутыўы итибарға алынып, сол жерде кемшиликлер айтылды, – дейди 44-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Г.Бекбергенова. – Бундай таңлаўлар мектеп оқыўшыларының тәрбиясына, билимине жақсы тәсир көрсетеди, тәртипке үйретеди ҳәм оларда Ўатансүйиўшилик сезимин күшейтеди.

  М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.