Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен жақында «Қарақалпақагрохимияқорғаў» ААЖде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2002-жыл 19-марттағы «Мийнет ҳақының өз ўақтында төлениўине байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының талапларын орынлаў мақсетинде усы жәмийет тәрепинен берилген ҳүжжетлер тийкарында мониторинг өткерилди.

  • Мониторинг нәтийжесинде, «Қарақалпақагрохимияқорғаў» ААЖ 2018-жылдың 1-ноябрь ҳалатына, жәмийетте ҳәм оның бөлимлеринде ислейтуғын 1218 жумысшыдан усы жылдың сентябрь ҳәм октябрь айлары ушын мийнет ҳақыдан жәми 1 миллиард 302 миллион 850 мың 12 сумлық қарыздарлығы бар екенлиги ҳәм усы хызметкерлердиң нызам менен қорғалатуғын ҳуқықлары бузылғанлығы анықланды,-дейди басқарма хызметкери Б.Ережепов.

Бул ҳалат бойынша қарардың «Министрликлер, мәкемелер, хожалық бирлеспелери, мүлкшилик түрине қарамастан кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң баслықлары хызметкерлерине мийнет ҳақының өз ўақтында ҳәм толық төлениўине жеке түрде жуўап береди», деп көрсетилген 3-бәнти, сондай-ақ, «Мийнетке ҳақы төлеў мүддетлери жәмәәтлик шәртнама ямаса басқа локал нормативлик ҳүжжетте белгиленеди ҳәм ҳәр ярым айда бир мәртеден кем болыўы мүмкин емес», деп көрсетилген Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 161-статьясы талаплары бузылған деп атап өтилди.

Инспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен көрилген илажлар ҳәм берилген көрсетпелер нәтийжесинде 1218 жумысшының, жәми 1 миллиард 302 миллион 850 мың 12 сумлық төленбеген мийнет ҳақылары толық өндирип берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.