Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-декабрь күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳәм ири жойбарлар менен танысты.

Елимизде әмелге асырылып атырған реформалардан мақсет турмысымыздың абаданлығы, халқымыз ушын мүнәсип турмыс шараятын тәмиийнлеўден ибарат. Бул медицина системасындағы избе-из өзгерислерде де сәўлеленбекте. Халыққа сапалы медициналық жәрдем көрсетиў бағдарындағы жумыслардың нәтийжесинде елимизде орташа өмир сүриў 1990-жылдағы 67 жастан 2017-жылда 74 жасты қурады.

Халқымызға сапалы ҳәм өз ўақтында медициналық хызметлер көрсетиўде жеке сектордың үлеси артпақта. Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 1-апрельдеги «Денсаўлықты сақлаў тараўында жеке секторды буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында елимиздиң барлық аймақларында жеке меншик медицина мекемелерин қурыў ҳәм көрсетилип атырған медициналық хызмет түрлерин кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.

2018-жылы елимизде 400 ден аслам, соның ишинде, 115 жеке меншик клиника шөлкемлестирилди.

Президентимиз әне усындай мәкемелерден бири, Мырза Улуғбек районындағы «ДМС» жеке меншик инновациялық клиникаға барды.

Төрт қабатлы бул клиника қәўипсизлик, энергия үнемлейтуғын ҳәм наўқаслардың талабынан келип шығып көп тармақлы медициналық хызмет көрсетиў бойынша ең заманагөй талапларды есапқа алып қурылған. Клиника фасады инновациялық Германия технологиясында ислеп шығарылған ыссылық ҳәм даўыс қайтарыўшы изоляция материаллары менен қапланған.

Өзбекстанда хызмет көрсеткен денсаўлықты сақлаў хызметкери, медицина илимлериниң кандидаты Зулфия Мақсудова басшылық етип атырған клиника Россия, АҚШ, Германия, Австрия, Японияда ислеп шығарылған жоқары технологиялы медициналық үскенелер менен тәмийинленген. Шыпакерлердиң барлығы cырт елдеги жетекши клиника ҳәм медицина орайларында тәжирийбе арттырған.

Усы жылы апрельде жумыс баслаған инновациялық клиникада офтальмология менен бир қатарда нейрохирургиялық, ортопедия, пластикалық хирургия, кардиология, ЛОР, педиатрия, реабилитация, физиотерапия сыяқлы он бестен аслам қәнигелик бойынша диагноз қойыў ҳәм емлеў жолға қойылған. Заманагөй лаборатория диагностикасы менен тәмийинленген.

Биринши қабатта  наўқасларға диагноз қойылып, қәнигелердиң мәсләҳәтин алады. Екинши қабатта хирургиялық операциялар исленеди. Ўәлаятлар ҳәм қоңсылас еллерден келген наўқаслар жатып емленеди. Компьютерли  биобасқарыў ханасында  медикаментлерсиз емлеў, руўхый ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған наўқаслар саламат турмысқа қайтыўы мүмкин.

Клиникада тор перде кеселликлери ҳәм паталогиялық жағдайларды контраст қуралларысыз бөлистириў имканиятын беретуғын «Topcon» тамогроф – ангиографы, микроинвазив операциялар өткериў ушын «Constellation Vision System» аппараты орнатылған. Буннан тысқары, клиникада соңғы әўлад артросопы жәрдеминде аз инвазивли емлеў диагностикалық әмелиятлары исленеди. Буўынларды эндопротезлеў әмелиятлары, наўқасларға жарақатлар менен операциялардан кейинги комплексли реабилитация хызметлери көрсетиледи.

Мәмлекетимиз басшысы инновациялық клиникадағы шараятты көзден өткерди, шыпакерлер менен сәўбетлести. Кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў, сапаға итибар қаратыўы зәрүрлигин атап өтти.

– Биз не ушын медицинада жеке меншик тармаққа шараят жаратып атырмыз? Бәсеки болыўы керек. Бәсеки болса, сапаға умтылыў болады, емлеў, хызмет көрсетиў жақсыланады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Көз микрохирургиясы бойынша инновациялық оқыў-симуляция орайын шөлкемлестириў жойбары ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул орайға көз микрохирургиясы қәнигелерин таярлаўдың дүнья стандартларына сай инновациялық методы енгизиледи.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарды мақуллап, кадрлардың қәнигелигин арттырыўға хызмет етеуғын бундай симуляциялық орайларды медицинаның басқа бағдарларына ҳәм елимиздиң басқа аймақларында да шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев «Steel property construction» қоспа кәрханасы аймағындағы өндирислик қуўатлылықларды көзден өткерди.

Яшнабад районындағы бурынғы авиация заводына қараслы пайдаланылмай турған имаратларда жумыс баслаған бул ЖШЖ қоспа кәрханасы аймағында бир қатар кәрханалар жумыс алып бармақта. Бул жерде сырт елден технологиялар алып келинип, базарбап өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылған. Дерлик 20 гектарлық аймақта мрамор плиталар, ыссыхана үскенелери, металл конструкциялар, есиклер, қубырлар, полаттан таярланған жылытыў радиаторлары, сендвич панеллер ислеп шығарылмақта.

Мәселен «Dacros» кәрханасы Европа технологиясы тийкарында темир есиклер таярлаўға қәнигелескен. Бул есиклер көп қабатлы турақ жайлардың подъездлерине, үлги жойбардағы үйлерге орнатылмақта.

Және бир имаратта Нидерландия технологиясы тийкарында түрли өлшемдеги металл конструкциялар ислеп шығарыў шөлкемлестирилген. Бул жерде жылына 24 мың тонна металл өнимлер менен бирге сендвич панеллер, брусчаткалар, жол шети тосықлары, жылытыў радиаторлары таярланады. Ишки базардан тысқары қоңсылас мәмлекетлер өниминиң тийкарғы базары болып есапланады.

«Midas agrotech» кәрханасында заманагөй ыссыхана комплекслери ушын конструкциялар, сондай-ақ, қуяш нурынан қорғайтуғын торлар, пластикалық яшиклер, полиэтилен плёнка сыяқлы өнимлер ислеп шығарылады.

«Бектемир металл конструкциялары» кәрханасында жол тосықлары, жақтыландырыў столбалары, қурылыс конструкциялары, электр менен кепсерлеген қубырлар таярланады.

Мәмлекетимиз басшысы бул цехлардағы өндирис процессин көзден өткерди. Өнимлердиң сапасы ҳәм базары менен қызықты.

Бектемир районындағы «Бинокор» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар көрсетилди.

Президентимиз бул кәрхана тәрепинен ислеп шығарылған темир-бетон панеллеринен үлги сыпатында қурылған бөлмелерге кирип көрди. Көп қабатлы жайларды тез мүддетлерде қурыў, халықты турақ жай менен тәмийинлеў ушын бундай кәрханалар жүдә зәрүр екени атап өтилди. Бул бағдарға қәнигелескен кәрханаларды көбейтиў ҳәм кадрлар таярлаў бойынша тапсырмалар берди.

Усы жерде Ташкент қаласының экономикасына сырт ел инвестицияларын тартыў, жаңа кәрханалар шөлкемлестириўге байланыслы жойбарлар менен таныстырыў болып өтти.

2019-жылы пайтахтымызға 2 миллиард 700 миллион муғдарында тиккелей инвестиция киргизилиўи мөлшерленбекте. Бул қаржылардың есабынан 227 жойбар әмелге асырылып, районлар кесиминде 28 мыңнан аслам қосымша жумыс орынлары шөлкемлестириледи. Нәтийжеде санаат, қурылыс, хызмет көрсетиў ҳәм басқа да тараўларда өсим көрсеткишлери тәмийинленди, бюджетке салық түсимлери және де көбейтиледи.

Сыртқы экономикалық ислер миллий банки, «Асакабанк», «Өзсанаатқурылысбанк» тийкарында шөлкемлестирилетуғын «Инвестор орайлары»нда исбилермен ҳәм инвесторларға комплексли хызметлер көрсетиледи.

Германияның «VERIDOS» компаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилген қоспа кәрханада пластикалық карточкалар, ID карта ҳәм чиплер, «Best stainless stell Co.ltd» кәрханасы тәрепинен никель металл өнимлери, «Real House» компаниясы тәрепинен көп тармақлы емлеўхана, логистика орайы, сондай-ақ, бетон өнимлери, мебель, гезлеме ҳәм сүлги-майлықлар ислеп шығарыў кәрханалары шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы киргизилетуғын инвестицияларды кепиллеў, экспортбап өнимлер ислеп шығарыўдың көлемин кеңейтиў, пайтахтымыздағы жаңа инвестициялық орталық жаратыў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берилди.

Президентимиз Чилонзар районы Бағыстан көшесинде салынып атырған көп қабатлы жайлардың қурылысы менен танысты. Бул жерде 9 қабатлы 23 жай қурылып, келеси жылы пайдаланыўға тапсырылады.

Сыр емес, мәмлекетимизде турақ жайлардың қурылысы дерлик тоқтап қалған еди. Бары-жоғы үш-төрт жыл бурын тек ғана  пайтахтымызда емес, ўәлаятлар, район ҳәм қала орайларында, алыс аўылларда арзан турақ жайлардың қурылыўын ҳеш ким көз алдына келтире алмайтуғын еди.

Шавкат Мирзиёев Президентлик лаўазымына кирискен дәслепки күнлерден-ақ әне усы оғада аўыр, турмыслық әҳмийетке ийе машқаланы шешиўге бел байлады.

2017-жылдан биринши мәрте халық ушын арзан, барлық қолайлылықларға ийе болған көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы басланды. Усы жылдың өзинде 800 мың квадрат метрден зыят әне усындай турақ жайлар қурып пайдаланыўға тапсырылды. Халықтың арзан турақ жайларға талабын қанаатландырыў ушын быйыл бир ғана аўыллық жерлердиң өзинде 3 мыңнан аслам ямаса өткен жылға салыстырғанда еки есе көп арзан үлгили жайлар қурылды. Бул процесс избе-из даўам етеди.

Бағыстанда қурылысы басланған көп қабатлы жайлар да миллий менталитетимизге сай заманагөй қурылыс үлгилери тийкарында бой тиклейди. Турақ жайлар жер силкиниўге шыдамлылығы, майыплар ушын да қосымша қолайлылықларға ийе екени менен ажыралып турады. Ҳәўлисинде балалар майданшалары, автомобиль турар орынлары, саўда орайы болады.

Президентимиз жаңа жайлар пайтахтымыздағы ең үлгили жасаў мәнзиллеринен бирине айланыўы керек екенин атап өтти.

Бул жерде Ташкент қаласында коммуналлық тармақларды раўажландырыў, каналларды толық оңлаў ҳәм тутас аймақларды абаданластырыў, жол өткеллер қурыў бойынша жойбарлар көрсетилди. 2019-жылы Салор, Дамаши, Қарасуў, Бектемир, Бозсуў, Жўн, Бўрижар сыяқлы каналлар оңланып, әтирапы абаданластырылады.

Каналлардың әтирапында, адамлар дем алатуғын, балалар шомылатуғын абат ҳәм қәўипсиз аймақлар жаратыў керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз шығындыларды сортлаў ҳәм қайта ислеў, ыссылық дереги бойынша жабық суў тәмийнаты системасы жойбарларын жеделлестириў бойынша көрсетпелер берди.

Бүгин Сергели районында қурылыс кранлары соншелли көп, тап терекзарға уқсайды. Бул абаданластырыў жумысларының көлеминен, жеделлигинен. Соның ишинде, Чоштепа мәҳәллеси аймағында 3 мың 696 квартиралы 66 көп қабатлы жай қурылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа турақ жайларды барып көрди.

Шавкат Мирзиёев усы жылдың июль айында бул мәҳәллеге барып, қурылыс процеси менен танысқан, жуўапкерлерге дөретиўшилик жумысларын өз ўақтында ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берген еди. Бары-жоғы бес айда бул жерде үлкен массив бой тикледи. 1 мың 176 квартираға мөлшерленген 21 жай қурылды. Басқа жайлардың қурылысы даўам етпекте.

Әҳмийетли тәрепи, Түркияның инновациялық технологиялары тийкарында имараттың сыртқы дийўаллары энергия үнемлейтуғын металлар менен қапланған. Бул жайлардың қыста жыллы, жазда салқын болыўын тәмийинлейди.

Президентимиз усы үйлердиң бирине кирип көрди. Қурылыс тараўында жаңа система жаратылғанын, бул халықты үйли-жайлы етиў менен бирге көплеген жумыс орынларын да ашып атырғанын атап өтти.

Массивте мәҳәлле гүзары да жаратылған болып, онда мәҳәлле баслығы ҳәм мәсләҳәтшилери ханалары, турақ жай мүлк ийелери ширкети, профилактика инспекторы ханасы, китапхана жумыс алып барады.

Шакат Мирзиёев район аймағындағы және бир массивте болды. Бул жерде де көп қабатлы турақ жай имаратлары қурылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы миллий-диний қәдириятларымызды тиклеў, уллы бабаларымыздың исламның раўажланыўына қосқан өлкен үлесин үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратпақта. Усындай басламалардың бири – «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» атамасында резолюция қабыл етиў усынысы БМШ Бас Ассмблеясының 12-декабрьдеги жалпы сессиясында барлық мәмлекетлер тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Бул тарийхый ўақыя Өзбестанда дин тараўында әмелге асырылып атырған реформалар дүньяда тән алынып атырғанынан, елимиздиң бул мәселелерде бай тарийх ҳәм тәжирийбеге ийе екенинен дәрек береди.

Пайтахтымызда қурылып атырған Ислам Цивилизациясы орайы мәмлекетимиз басшысының бул тараўдағы ийгиликли басламаларынан бири болып табылады.

Шавкат Мирзиёев усы жыл 15-июнь күни бул орайдың қурылыс майданына барып, имараттың тырнағын қалаған еди. Бүгинги күнде имараттың конструкциялары бой тиклеп, қурылыс жумыслары жедел даўам етпекте.

Үш қабатлы орай ески медреселеримиз усылында қурылады. Имараттың симметриялық орайына Усман Қураны қойылады. Екинши қабатта китапхана, әнжуманлар ҳәм көргизбе заллары болады. Үшинши қабат мәлимлеме-ресурс орайы, илимий кафедралар ҳәм басқа да ханаларды өз ишине алады.

Президентимиз қурылыс процеси менен танысты. Көргизбелер залында Өзбекстан тарийхы дәўирлер бойынша, ҳәр бир әсирге, ҳәр бир уламаға тийисли дәреклер ҳәм фактлер тийкарында көрсетилиўи керек екенин атап өтти.

Ҳәмме өз тарийхын қәдирлейди. Бирақ бизиң мәмлекетимиздегидей бай тарийх, бабаларымыздан уллы ойшыллар ҳеш жерде жоқ. Бул мийрасты терең үйрениўимиз, халқымызға, дүньяға жеткерип билиўимиз керек. Бул орайға келген адам тарийхымыз ҳаққында толық түсиникке ийе болыўы, терең руўхый азық алып кетиўи зәрүр, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы орайды пардозлаўды ҳәм үскенелеўди жетилистириў бойынша көрсетпелер берди.

Усы күни халық депутаталары Ташкент қалалық Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Ташкент қаласында 2017-жылы жалпы аймақлық өним 5 процентке өскени атап өтилди. Быйыл бул көрсеткиш 8,1 процентти қураўы күтилмекте. Сондай-ақ, усы жылдың жуўмағы бойынша санаат өнимлерин ислеп шығырыўдың көлеми 9,2 процент, қурылыс жумыслары 11,6 процент, хызмет көрсетиў 10,5 процент өседи. Бул мәмлекетимиз бойынша ең жоқары көрсеткишлерден бири.

Президентимиз Ташкент қаласын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әҳмийетли бағдарларды көрсетип өтти. Ташкент қаласын ири исбилерменлик ҳәм финанс орайына айландырыў бойынша стратегия ислеп шығыў зәрүрлигин атап өтти.

Бүгинги глобалласыў дәўиринде экономикаға инвестицияларды жедел тартып, бизнес ушын қолайлы шараятлар жаратып берип атырған қалалар жедел раўажланбақта. Ташкент қаласын жоқары технологиялық санаат өнимлерин ислеп шығаратуғын, банк, қаржы, қамсызландырыў ҳәм басқа да заманагөй хызметлер көрсететуғын ири халықаралық орайға айландырыўымыз керек. Қала әтирапы санаат зоналары, қала иши болса инновациялық аймақ болыўы керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Социаллық тараў, қурылыс ҳәм коммуналлық тармақларды раўажландырыў, халық ҳәм туристлер ушын қолайлылықларды көбейтиў бойынша да алдағы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрилди. Президент Шавкат Мирзиёевтың усынысы бойынша Ташкент қаласы ҳәкими ўазыйпасын ўақытша атқарып киятырған Жаҳонгир Ортиқхўжаев Ташкент қаласы ҳәкими етип тастыйықланды.

Шығып сөйлегенлер ҳәким ҳәм оның барлық орынбасарлары, бәрше белсендилер, Президентимиз тәрепинен пайтахтымызды жедел раўажландырыў бойынша белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў жолында бар күш ҳәм имканиятларын жумсайтуғынын атап өтти.

ӨзА