Кәсиплик аўқамлары Улыўмалық конференциясы атқарыў комитетиниң көшпели жыйналысында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Кәсиплик аўқамлары Улыўмалық конференциясының «Кәсиплик аўқам ҳәрекети алдындағы хызметлери ушын» ҳүрметли алтын нышаны менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныс киргизилди.

ӨзАның мәлим етиўинше, Ташкенттеги «International Hotel Tashkent» мийманханасында Кәсиплик аўқамлары Улыўмалық конференциясы атқарыў комитетиниң көшпели жыйналысы болып өтти.

Жыйналысқа Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы басшылары ҳәм жуўапкер шахслары, тармақлық кәсиплик аўқамлары Республикалық кеңеслери ҳәм аймақлық кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспелериниң басшылары, сондай-ақ, Кәсиплик аўқамлары Улыўмалық конференциясының атқарыў комитети басшылары ҳәм ағзалары, Армения, Беларуссия, Әзербайжан, Тәжикстан, Қырғызстан сыяқлы мәмлекетлердиң кәсиплик аўқамлары басшылары қатнасты.

Кәсиплик аўқамлары Улыўмалық конференциясы атқарыў комитетиниң көшпели жыйналысында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Кәсиплик аўқамлары Улыўмалық конференциясының «Кәсиплик аўқам ҳәрекети алдындағы хызметлери ушын» ҳүрметли алтын нышаны менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныс киргизилди.

Өзбекстан Республикасы мийнеткешлериниң социаллық-экономикалық мәплерин тәмийинлеў, улыўма миллий көлемде социаллық шерикликти беккемлеў, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары абыройын арттырыў бағдарындағы үлкен үлеси ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Кәсиплик аўқамлары Улыўмалық конференциясының «Кәсиплик аўқам ҳәрекети алдындағы хызметлери ушын» ҳүрметли алтын нышаны менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныс бир даўыстан қоллап-қуўатланды.

Көшпели жыйналыста Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясын Кәсиплик аўқамлары Улыўмалық конференциясы ағзалығына қабыл етиў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды ҳәм бул мәселе бир даўыстан қоллап-қуўатланып, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы Кәсиплик аўқамлары Улыўмалық конференциясы ағзалығына қабыл етилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.