Өзбекстанда ҳаял-қызларға қарағанда еркеклер көбирек суицидке қол урмақта. Бул ҳаққында «Оила» илимий-әмелий изертлеў орайы басшысы Дилором Тошмуҳаммедованың сөзлерине тийкарланып, Kun.uz хабар бермекте.

Хабарда жазылыўынша, республика бойынша өз жанына қастыянлық етиў жағдайлары көбирек еркеклер арасында жүз бермекте. Бухара, Қашқадәрья, Сырдәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында ҳаял-қызлар көбирек суицидти әмелге асырған болса, басқа аймақларда жанына қастыянлық етип атырған еркеклердиң саны көбейген.

Ташкент қаласы жыныслар арасындағы сәйкес болмаған суицид жағдайлары бойынша биринши орында болып, 69% жағдайда еркек адам өз жанына қастыянлық еткен.

Дилором Тошмуҳаммедованың билдириўинше, суицид жағдайларының көбейип кетиўинде ҒХҚның да белгили дәрежеде айыбы бар. Оның сөзлерине қарағанда, жанына қастыянлық етиў ҳаққындағы хабарлардың даўамлы ҳәм деструктивлик узатылыўы халық арасында бул жағдай бойынша жасырын үгит-нәсиятты күшейтпекте.

Мағлыўматларға қарағанда, дүньяда ҳәр 40 минутта бир адам өз жанына қастыянлық етеди. Ҳәр жылы 100 мың адамнан орташа 11 адам өз жанына ноқат қояды. Өз жанына қастыянлық етиў пүткил дүнья бойынша 15-29 жаслылар арасындағы өлимниң екинши себеби болып табылады. Бундай жағдайлардың 78% и орташа ҳәм төмен дәраматқа ийе мәмлекетлерге туўра келеди.

Өзбекстанда болса 1990-2016-жыллар даўамында жас өспиримлердиң өлими еки есеге (400 адам) көбейген. 2018-жылдың 4 айы даўамында 153 жас өспирим өз жанына қастыянлық еткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги