Усы жылдың 19-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Нөкис қалалық ИИБге келип түскен ҳүжжетлерге муўапық, усы жылдың 15-декабрь күни намәлим шахс Нөкис қаласы Қарақалпақстан көшесинде жайласқан Туризм ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи жатақханасындағы ҳәжетханада усы колледж оқыўшысы А.А. (атлы қыз)ға күш ислетиў арқалы жарақат жеткерип, «Артел» маркалы уялы телефонын алып кеткенлиги көрсетилген. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы хабар бермекте.

Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жынаятты Жәннет көшесинде жасайтуғын Қ.П. ислегенлиги анықланып, усланған. Жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.