Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ Үшинши Ташкент халықаралық инвестиция форумындағы шығып сөйлеген сөзи

140

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, Үшинши Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасып атырған сиз, әзизлерди шын жүректен қутлықлаўға рухсат еткейсиз.

Соны қанаатланыўшылық пенен атап өтиўди қәлер едим, жылдан-жылға жақсы дәстүрге айланып баратырған усы формат шеӊберинде мәмлекетимизде дүньяныӊ барлық континентлеринен жаӊадан-жаӊа исенимли бирге ислесиўшилеримиз жәмленбекте.

Өткен үш жыл даўамында бул форум еки ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеӊейтиў, еӊ тийкарғы машқалаларды додалаў, алдынғы идеялар менен көз-қарасларды ислеп шығыў ушын нәтийжели қарым-қатнас майданына айланды. Бүгинги илажымызда 93 мәмлекеттен еки ярым мыӊнан аслам сырт елли мийманлар келгени де форумныӊ әҳмийети барған сайын артып баратырғанын тастыйықлайды.

Бул өз гезегинде, мәмлекетимизде артқа қайтпайтуғын түрге енген реформалар, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыўға болған үлкен қызығыўшылықтан дәрек береди.

Ҳурметли форум қатнасыўшылары!

Бүгинги әнжуманымыз глобал гоесиясий ҳәм экономикалық машқалалар ҳәўиж алып атырған, турақлы раўажланыў жолында қәўип-қәтерлер күшейип баратырған дәўирге туўра келмекте.

Дүнья тәртип-қағыйдаларында тереӊ трансформация процесслери болып өтпекте. Товар ҳәм хызметлерди жеткерип бериў шынжырларындағы үзилислер, халықаралық саўданыӊ төменлеўи, инвестиция ағымларыныӊ кемейиўи, климат апатшылықларыныӊ күшейиўи –жағдай қаншама турақсыз ҳәм әззи екенин анық көрсетпекте.

Дүнья жүзи экономикасыныӊ өсиў пәтлери соӊғы үш жыл даўамында төменлемекте. Тиккелей сырт ел инвестициялары менен байланыслы тенденциялар да күтилген үмитлерди ақламай атыр. 2023-жылы раўажланып атырған мәмлекетлерге киргизилген инвестициялардыӊ улыўмалық қуны 9 процентке азайды.

Әлбетте, биз бүгин дүньяда инвесторлар ушын мисли көрилмеген гүрес кетип атырғанын жақсы түсинемиз. Бирақ бир өзгермейтуғын ҳақыйқат барған сайын айдынласпақта. Ҳеш бир мәмлекет бундай аўыр машқалаларды жеке ҳалда шеше алмайды. Өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет руўхы, бир-бирин қоллап-қуўатлаў принципи узақ мүддетли бирге ислесиўдиӊ беккем тийкары болып қалабереди.

Ҳурметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Биз мәмлекетимизде инвестиция ҳәм бизнес орталығын түп-тийкарынан жақсылаў, бул жолдағы тосқынлықларды басқышпа-басқыш сапластырыў ушын исенимли қәдемлер тасладық. Соныӊ ушын ҳәр бир инвестор өзин еркин ҳәм исенимли сезиўи ушын кеӊ көлемли реформаларды әмелге асырып атырмыз.

Сизлер жақсы билесиз, буннан жети жыл алдын биз ушын аӊсат болмаған, бирақ үлкен шеклерди гөзлеген системалы реформаларды баслаған едик. Биз экономиканы еркинлестириў, қолайлы инвестиция орталығын жаратыў, исбилерменлер ушын имканиятларды ҳәр тәреплеме кеӊейтиўди тийкарғы мақсетимиз етип белгиледик.

Соӊғы жыллары экономикамыз дерлик еки есеге өсти. Өткен жылдыӊ жуўмағы бойынша бул өсим 6 процентти қурады. Инфляция 9 процентке шекем төменледи. Саўда айланысы көрсеткишлери турақлы артпақта. Валюта базары ҳәм алтын-валюта резервлериниӊ турақлылығы сақлап қалынбақта.

Соӊғы жыллары мәмлекетимизде 60 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициялары өзлестирилди. Халықаралық қаржы институтларыныӊ 14 миллиард доллардан аслам қаржылары социаллық ҳәм инфраструктура тараўларына тартылды.

Өткен жылдыӊ өзинде сырт ел инвестицияларыныӊ көлеми дерлик еки есеге көбейди. Усы жерде энергетика тараўында ACWA Power”, “Masdar”, “Total Eren”, “Voltalia”, “Ҫalɩk” ва “Aksa”; химия санаатында “Air Products”, “Indorama” ҳәм “Камсе”, таў-кән ҳәм металлургияда – “Orano” ҳәм “DANIELI”, автомобиль қурылысы ҳәм электротехника бағдарларында “BYD”, “Kia” ҳәм “Samsung”, қурылыс тараўында “Коҫ” ҳәм “KNAUF” сыяқлы дүньяныӊ жетекши компаниялары ҳәм ири брендлери менен 300 ден аслам инвестиция ҳәм санаат жойбарлары иске түсирилгени ҳәм жүз мыӊлаған жаӊа жумыс орынлары жаратылғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бүгинги форум шеӊберинде дүньяныӊ алдынғы компаниялары есапланған “Linde”, “Orascom”, “DataVolt”, “Bonafarm”, “PASHA holding” ҳәм басқа шериклердиӊ қатнасыўында жаӊа ири жойбарларға старт бериледи.

Пурсаттан пайдаланып, мәмлекетимиз басшысы бул иске өзиниӊ мүнәсип үлесин қосып атырған сырт елли инвесторларға, барлық бирге ислесиўшилерге тереӊ ҳәм шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Биз исбилерменлик ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў мақсетинде басқа әҳмийетли бағдарларда бир қатар анық илажларды көрип шыққанбыз.

Енди сырт елли инвесторлар акциялардан алып атырған дивидендлер бойынша салықлардан үш жыл мүддетке азат етиледи.

Жақында Меншиклестириў ҳаққындағы нызамды қабыл еттик. 250 ири кәрхананыӊ мәмлекетлик үлести ҳәм дерлик 1000 көшпес мүлк объектлерин сатыў, 12 кәрхана акцияларын фонд базарларында дәслепки ғалабалық жайластырыў (IPO) ушын жаӊа бағдарлама да иске қосылды.

Исбилерменлердиӊ турақлылығы рейтинги енгизилди. Жоқары рейтингке ийе исбилерменлик субъектлери ушын салық тексериўлери өткерилмейди.

Энергетика бағдарындағы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў тәжирийбесин социаллық ҳәм басқа инфраструктура тараўларында да кеӊнен енгизиўди режелестиргенбиз. Атап айтқанда, Қытайдыӊ “Ситик” ҳәм “Камсе” компаниялары менен ирригация ҳәм автомобиль жоллары, Францияныӊ “Suez” ҳәм “Veolia” компаниялары менен ишимлик суўы тәмийнаты, “Inter Health” ҳәм “Pure Health” араб компаниялары менен заманагөй медицина мәкемелерин қурыў жойбарлары ислеп шығылмақта.

Санаат зоналарыныӊ инфрастркутурасын бюджет қаржылары есабынан раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратпақтамыз. Исбилерменлерге жер ажыратыўдыӊ заманагөй ашық-айдын принциплери – яғный, аукцион саўда системасы жолға қойылды. Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў шеӊберинде нызамшылықты бейимлестириўге қаратылған 60 тан аслам нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилди.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги дүзилип, 2030-жылға шекем мөлшерленген Миллий стратегия ислеп шығылмақта. Өткен жылы Ташкентте коррупцияға қарсы гүресиў бойынша халықаралық илажларды өткердик.

Келиспеўшиликлерди әдалатлы шешиў мақсетинде Ташкент халықаралық арбитраж орайы нәтийжели жумыс алып бармақта. Оныӊ қурамында Америка Қурама Штатлары, Уллы Британия, Италия, Швеция, Қытай, Бирлескен Араб Әмирликлери сыяқлы мәмлекетлерден 90 нан аслам абырайлы арбитрлар орын алған.

Инвесторлар ушын және бир әҳмийетли көрсеткиш. Соӊғы жети жылда жоқары билимлендириўге қамтып алыў 9 проценттен 42 процентке көбейди, жоқары оқыў орынларыныӊ саны 200 ден артты.

Өзбекстанда 90 нан аслам мәмлекетлерге визасыз режим енгизилди.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Бизлердиӊ тийкарғы мақсетимиз – Өзбекстанды сырт елли инвесторлар ушын исенимли ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўшиге айландырыў болып табылады.

Мәмлекетимиз базар қатнасықларын раўажландырыўды, инвесторлардыӊ ҳуқықларын исенимли қорғаўды, қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын және де жетилистириўди, қалыс бәсеки ушын және де кеӊ шараятлар жаратыўды, жеке меншик мүлкке қол қатылмаслық ҳәм суд системасыныӊ еркинлигин тәмийинлеўди өз мойнына алмақта.

Биз бул принциплерди өткен жылы улыўмахалықлық референдумда қабыл етилген жаӊа Конституциямызда қатаӊ мөрлеп қойдық.

Инвесторлардың ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў мақсетинде бүгин сизлерге бир қатар анық усынысларды билдирмекшимен.

Бириншиден, жаңа редакциядағы “Инвестициялар ҳаққында”ғы нызамды қабыл еттик. Бул ҳүжжет Жәҳән саўда шөлкеминиң тәртип-қағыйдалары ҳәм стандартларына муўапық ислеп шығылды.

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Жәҳән банки, Халықаралық валюта қоры, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкемине бул бағдарда тығыз бирге ислескени ушын айрықша миннетдаршылық билдирмекшимен.

Екиншиден, тез арада мәмлекетимизде Санлы технологиялар халыкаралық орайы жанында Халықаралық коммерциялық суды жумыс баслайды. Бул суд Өзбекстан суд-ҳуқық системасында айрықша орынға ийе болады. Оның ушын жақын мүддетлерде арнаўлы нызамды қабыл етемиз. Процессуал кодекслерге бул халықаралық коммерциялық судының қарарлары толық түрде орынланыўына байлынслы нормаларды да киргиземиз.

Үшиншиден, жақын ўақытта санаат зоналары системасында толық жаңаша көзқарасларды енгиземиз.

Жоқары технологиялық жойбарларды әмелге асырыў ушын инвесторларға және де қолайлы шараятлар жаратылады. Санаат зоналарын басқарыўда жеке операторлар, атап айтқанда, жоқары маман сырт ел компанияларын жедел тартыў әмелияты кеңейтиледи. Арнаўлы экономикалық зоналардың жумыс мүддетлери бойынша шеклеўлер де бийкар етиледи.

Сырт елли инвесторлар ушын жерлерди ижараға бериў мүддети 25 жылдан 49 жылға шекем, яғный, еки есеге созылады. Онда, нызамлар менен кепилленген әмелдеги жеӊилликлер ҳәм преференциялар толық сақлап қалынады.

Бул мәселелердиң барлығын ертең Сырт елли инвесторлар кеңесиниң гезектеги мәжилисинде толық додалаймыз.

Ҳүрметли әнжуман катнасыўшылары!

Системалы реформаларды даўам еттириў, күшли ҳәм абадан мәмлекет қурыў мақсетинде “Өзбекстан – 2030” стратегиясын қабыл еттик. Бул әҳмийетли ҳүжжетте турақлы экономикалық өсиўге ерисиў, социаллық қорғаў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў системаларын реформалаў, нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша 100 анық ўазыйпа өз көринисин тапқан.

2030-жылға барып, халықтың дәраматларын еки есеге артырыў ҳәм бул көрсеткиш бойынша орташа жоқары болған мәмлекетлер қатарына кириўди мақсет етип қойғанбыз.

Экономикада терең трансформация процесслерин, қолайлы инвестиция ҳәм бизнес орталығын, санаатта жоқары қосымшан қунды жаратыўды избе-из даўам еттиремиз.

Усы жерде өз-ара пайдалы бирге ислесиўимизди кеңейтиў бойынша әҳмийетли бағдарларға айрықша тоқтап өтпекшимен.

Биринши бағдар: “жасыл” энергетика. Энергетика тармағының нәтийжелилигин арттырыў пүткил регионымыз ушын әҳмийетли болып табылады. Бул бағдарда мәмлекетимизде 28 жойбар үстинде жумыслар даўам еттирилмекте.

Биз 2030-жылға шекем 20 гигаваттан аслам қайта тиклениўши энергия қуўатлықларын жаратыў ҳәм энергетика балансында оның үлесин 40 процентке жеткериўди мақсет еткенбиз.

Өткен жылдың өзинде 1,4 гигаватт қуўатлықтағы ири самал ҳәм қуяш электр станцияларын стратегиялық шериклеримиз болған “Masdar”, “Gezhouba”, “China Energy” компаниялары менен иске түсирдик. Сондай-ақ, “ACWA Power” менен “жасыл водород” ислеп шығарыў жойбарын да баслап жибердик.

Ең итибарлы тәрепи – бул әҳмийетли жойбарлар мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принципи тийкарында, тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан әмелге асырылмақта.

Бүгин форум шеңберинде сиз, инвесторларымыз ушын қоңсы Қырғызстан ҳәм Тәжикстандағы гидроэлектр станцияларды биргеликте қурыў жойбарларының презентациясын өткеремиз. Бул бағдарда барлық мәмлекеттиӊ жетекши компанияларын ашық сөйлесиў ҳәм әмелий бирге ислесиўге шақырамыз.

Екинши бағдар: банк-қаржы тараўы. Соңғы жыллары мәмлекетимизде көплеген жеке меншик банклер ашылды. Базарымызға Европаның жетекши банклери кирип келди. Бир қатар банклер өз жумысын әмелге асырмақта.

Форум шеңберинде Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен Өзбекстаннын ири банклеринен бири болған “Асакабанк”ти меншиклестириў бойынша келисимге қол қойылды. Сондай-ақ, Халықаралық қаржы корпорациясы, Азия раўажланыў банки менен басқа ири банклеримиздиң трансформациясы ҳәм меншиклестириў процесслери жедел алып барылмақта.

Қаржы ресурсларына талапты қанаатландырыў ушын капитал базарын раўажландырыў бойынша көзқараслар қайта көрип шығылмақта.

Өзбекстанда халықаралық қаржыландырыў механизмлерин раўажландырыў үстинде жумыс алып барылмақта. Сырт елли инвесторлардың ағымы бир неше есеге көбейиўи, корпоративлик басқарыўдың сапасын арттырыў, жаңа жетекши банк-қаржы институтларының кирип келиўин күтип қаламыз.

Үшинши бағдар: пайдалы қазылмалар. Өзбекстан – минерал ресурслар ҳәм әҳмийетли металлардың үлкен базасына ийе мәмлекет болып табылады. Мәмлекетимизде алтын, мыс, вольфрам, гүмис, уранның үлкен резервлери бар. Сийрек ушырасатугын минераллардың қатарында литий, магний, молибден, германий, ванадий ҳәм индий сыяқлы 30 дан аслам металлардың резервлерине айрықша итибар қаратыўды қәлер едим.

Өткен айда Европа Аўқамы менен оғада әҳмийетли шийки зат тараўында стратегиялық бирге ислесиў орнатылды. Америка Қурама Штатлары ҳәм Уллы Британия менен де усындай келисим үстинде жумыс алып бармақтамыз.

Бул бағдарда заманагөй халықаралық тәжирийбе тийкарында жаңа редакциядағы “Жер асты байлықлары ҳаққында”ғы нызам қабыл етилди. Усы жерде, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкине бул жумыстағы салмақлы үлеси ушын айрықша раҳмет айтпақшыман.

Стратегиялық шийки затларды терең қайта ислеў ҳәм қосымша қун шынжырын жаратыў ушын жетекши компанияларды Өзбекстанға мирәт етемиз.

Төртинши бағдар: мәмлекеттиң IT трансформациясы. Бир жыл ишинде IT хызметлер ҳәм программалық өнимлердиң экспорты еки есеге артты. Келешекте бул қорсеткишти 5 миллиард долларға жеткериўди режелестиргенбиз.

IT-парк резидентлариниң саны он есеге көбейеди, келешекте 100 мың жаңа жумыс орны жаратылады. Буннан тысқары, оның базасында сырт ел компаниялары ушын Санлы технологиялар халықаралық орайы жаратылмақта.

Бул бағдарда Саудия Арабстанының “Data Volt” компаниясы менен “жасыл” энергия тийкарында ислейтуғын “Мағлыўматлар орайы”н қурып атырмыз. Бул мәмлекетимизди санлы экономикаға өткериў ҳәм жасалма интеллект тийкарында технологияларды енгизиўге үлкен түртки бағышлайды, деп есаплаймыз.

Бесинши бағдар: транспорт инфраструктурасын раўажландырыў. Қолайлы ҳәм заманагөй транспорт системаларын жаратыў ўазыйпасына үлкен итибар қаратып атырмыз.

Темир жол тараўында түпкиликли реформалар алып барылмақта, тармаққа жеке меншик инвесторларды тартыў ушын кең имканиятлар ашылмақта. Төлемли автомобиль ҳам тезжүрер темир жолларын қурыў бойынша биргеликтеги жойбарлар ислеп шығылмақта.

Ташкент, Бухара ҳәм Үргенш халықаралық аэропортларын раўажландырыў ҳәм жаңаларын қурыў бойынша потенциаллы сырт елли инвесторлар менен бирге ислесиў жойбарлары таярланбақта.

Бизлерге белгили, биз сырт елли шериклеримиз бенен биргеликте Қытай – Қырғыстан – Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан темир жолларын қурыў бойынша дәслепки жумысларды басладық.

Бул стратегиялық жойбарлар региондағы геоэкономикалық жағдайды пүткиллей өзгертип, Орайлық Азияны Арқа ҳәм Қубла, Шығыс ҳәм Батыс пенен байланыстыратуғын глобал транзит орайына айландырады.

Биз инвесторларды ҳәм халықаралық шөлкемлерди бул ири регионаллық жойбарларда қатнасыўға, Уллы Жипек жолын заманагөй тийкарда қайта тиклеўге мирәт етемиз.

Әзиз дослар!

Жаңа Өзбекстан – теңсиз имканиятларға ийе, әдалатлы ҳәм жедел раўажланып атырған дүньялық мәмлекет болып табылады.

Биз ҳәр күни турмысқа енгизип атырған үлкен идея ҳәм уллы әрманларымыздың тийкарғы илҳам дәреги – бул, бәринен бурын, мийнеткеш ҳәм уллы халқымыз болып табылады.

Усыны айрықша атап өтиўди қәлер едим, бүгин бул жерде жыйналған инввесторлар өзлериниң ең алдынғы технология ҳәм тәжирийбелери, жаңа усыныс ҳәм көзқараслары менен бизлерди тек алға жүриўге шақырады.

Сизлерге әҳмийетли бир пикирди жеткермекшимен: ҳәр бир баслама, ҳәр бир жойбарыңыз бойынша мәмлекетимиз, ҳүкиметимиз ағзалары сизлерге ийинлес болып, қасыныңызда турып, оларды толық әмелге асырыўға жақыннан жәрдем береди.

Усылай етсек, сизлерге мақул болады, деп ойлайман.

Инвестициялар – бул мәмлекетимиз трансформациясының локомотиви ҳәм экономикалық раўажланыўымыздың беккем драйвери болып табылады.

Әлбетте, бүгинги Халықаралық инвестиция форумы да нәтийжели сөйлесиўлер әмелий бирге ислесиўимизди сапа ҳәм мазмун жағынан толық жаңа, және де жоқары басқышқа алып шығатуғынына исенемен.

Бәршеңизге әнжуманымызда қатнасып атырғаныңыз ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.

Итибарыңыз ушын үлкен рахмет.