Пайтахтымыздағы Халықаралық саўда орайы (ITC)да 12-14-декабрь күнлери Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми Саўда-санаат палатасы атқарыў комитетиниң 25-мәжилиси болып өтти.

Онда шөлкемге ағза мәмлекетлер – Аўғанстан, Әзербайжан, Иран, Пакистан, Түркия, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан, Тәжикстан, ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палаталарының басшылары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, дипломатиялық корпус, туризм, транспорт, саўда, санаат, инвестиция тараўлары ушын жуўапкер министрликлер менен уйымлар, ҳаял-қызлар комитетиниң жуўапкерлери, исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыў Түркия Республикасы басқарыўында шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икромов, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми Саўда-санаат палатасының президенти А.Ҳофизий, Түркия Саўда-санаат палатасы ҳәм товар биржасы кеңесиниң президенти Р.Хисарчиклиоглу, Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңеси Бас хаткери Б.Амраев қатнасты.

Үш күн даўам еткен илажда Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми Саўда-санаат палатасының Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси, Туризм, Транспорт, Арбитраж, Санаат, инвестиция, киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў және Саўданы әпиўайыластырыў бойынша комитетлердиң мәжилислери шөлкемлестирилди. Комитетлердиң мәжилислеринде шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, саўда, санаат, исбилерменликти қоллап-қуўатлаўдағы регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми Саўда-санаат палатасының жоқары дәрежедеги илажы Өзбекстанда биринши мәрте шөлкемлестирилди. Шөлкемге басшылық түрли жылларда Аўғанстан, Түркия, Иран, Пакистан мәмлекетлери тәрепинен әмелге асырылған. Ҳәзирги ўақытта оған Түркия тәрепи басшылық етпекте. Бүгинги күнде шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы товар айланысы 600 миллиард АҚШ долларынан аслам, халық саны болса 440 миллионнан аслам болып есапланады.

Илажда структура қурамындағы тармақ институтларының усы жылдағы жумысы талланды, шөлкемге ағза мәмлекетлер Саўда-санаат палаталарының бирге ислесиўди беккемлеўге байланыслы усыныслары менен басламалары тыңланды.

Әнжуманда қатнасыўшылар елимизде исбилерменликти раўажландырыў тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, сырт ел инвесторларының мәплерин қорғаў бойынша көрилген илажлар менен жақыннан таныстырылды.

Өткерилген ушырасыўлардың нәтийжелерине муўапық, Түркияда 2019-жылда «Ҳаял исбилерменлер ярмаркасы ҳәм семинар»ын өткериў, Исбилермен ҳаял-қызлар кеңесиниң веб-порталын иске қосыўға келисип алынды.

Туризм тараўындағы бирге ислесиў шөлкем шеңбериндеги шерикликтиң перспектиалы бағдары болып есапланады. Сол мәниде, мәжилис қатнасыўшылары 2019-жыл сентябрь айында Қоқан қаласында болып өтетуғын Халықаралық өнерментлер фестивалының жумысында структураға ағза мәмлекетлердиң исбилермен ҳаял-қызларының қатнасыўын тәмийинлеў және туристликти раўажландырыў бойынша 2019-жылға мөлшерленген «Жол картасы»н ислеп шығыў бойыншща бирдей қарасқа ийе екенликлерин билдирди. Ендиги жылы Өзбекстанның Туризм тараўындағы гезектеги халықаралық инвестициялық форумын Стамбулда өткериўге қарар етилди.

Ушырасыўда региондағы трансшегаралық мәселелер бойынша пикирталаслы жағдайларды шешиўге көмеклесиў мақсетинде Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми Саўда-санаат палатасының Арбитраж орайын ашыў бойынша пикир алысылды.

Илаж соңында Өзбекстан Саўда-санаат палатасы менен Қырғызстан Саўда-санаат палатасы арасында Өзбекстан-Қырғызстан исбилерменлериниң кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге  және Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми Саўда-санаат палатасы менен Түркия исбилерменлери кеңеси арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы