Буннан дәл еки жыл бурын, 2016-жыл 14-декабрь күни Өзбекстан Республикасының жаңадан сайланған Президенти Шавкат Мирзиёевтиң инаугурация мәресими болып өтти. Тарийх ушын бул қысқа ўақыт. Бирақ, сол ўақыт ишинде мәмлекетимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатында көплеген унамлы өзгерислер жүз берди, оның нәтийжеси тек ғана жерлеслеримиздиң турмысына абаданлық алып кирместен, соның менен бирге, Орайлық Азия регионының сиясий, социаллық ҳәм экономикалық турмысында да түпкиликли бурылыс жасады. Бул халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де кеңнен тән алынбақта.

Дональд ТРАМП, Америка Қурама Штатларының Президенти:

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы ҳәм оның қоңсылас мәмлекетлериниң суверенитети, ғәрезсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигин, сондай-ақ, Орайлық Азияны буннан былай да раўажландырыў ҳәм өз-ара татыўлығын беккемлеўге қаратылған ҳәрекетлерди алып бармақта. Америка Қурама Штатлары Шавкат Мирзиёевтиң әне усындай регионаллық көзқарасына байланыслы басламаларын қоллап-қуўатлайды.

Владимир ПУТИН, Россия Федерациясы Президенти:

  • Өзбекстан Россияның исенимли аўқамласы, стратегиялық шериги. Президент Шавкат Мирзиёевтиң Россияға 2017-жылғы мәмлекетлик сапарынан кейин еки тәреплеме қатнасықлардың барлық тараўларында үлкен өзгерислер болды. Бул жерде гәп, бәринен бурын, экономика ҳаққында кетпекте. Биз Өзбекстан қаншелли тез ҳәм түпкиликли раўажланып атырғанын, мәмлекет экономикасы ҳәм халқы ушын зәрүр реформалар әмелге асырылып атырғанының гүўасы болмақтамыз.

Александр ЛУКАШЕНКО, Беларусь Республикасы Президенти:

– Өзбекстан менен бирге ислесиўди жаңа басқышқа шығарыўға қаратылған келисимлерди қоллап-қуўатлаймыз. Ҳәм, соны айрықша атап өтиўди қәлер едим, бүгин Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Өзбекстан – Беларусь бирге ислесиўи избе-из раўажланбақта. Қысқа ўақыт ишинде Өзбекстан Президенти қоңсылас мәмлекетлер менен байланысларды жақсылаўға еристи, халықаралық майданда өзин мүнәсип тупақта, оның Батыс пенен де, Шығыс пенен де қатнасықлары жоқары дәрежеде.

Эммануэль МАКРОН, Франция Республикасы Президенти:

– Кейинги ўақытта Өзбекстан – Франция қатнасықларында пүткиллей жаңаша өсиў бақланбақта. Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларды тереңлестириўге үлкен қызығыўшылық билдирип атырғанын жоқары қәдирлеймен. Франция ҳәм Өзбекстанда еле пайдаланылмаған потенциал үлкен. Өзбекстан менен тек ғана еки тәреплеме бирге ислесиўди жеделлестириў ҳәм кеңейтиў емес, ал, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе болған тийкарғы темалар, соның ишинде, терроризмге қарсы гүрес, ықлым өзгериси сыяқлы мәселелер бойынша додалаўлар алып барыў имканияты бар.

Нурсултан НАЗАРБАЕВ, Қазақстан Республикасы Президенти:

– Биз тамыры бир халықпыз.Пүткил тарийх даўамында болғанындай ғәрезсизлик жылларында бир-биримизди қоллап-қуўатлағанбыз. Өзбекстан Президентиниң 2017-жыл март айында Қазақстанға мәмлекетлик сапары мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў раўажланыўында жаңа басқышты баслап берди. Өткен қысқа ўақытта еки тәреплеме байланысларда бурын көзге тасланбаған жоқары нәтийжелерге ерисилди. Мәмлекетлеримиз эконмикасы бир-бирин толықтырады. Қазақстан Өзбекстан менен бирге ислесиўди барлық тараўлар бойынша кеңейтиўге таяр.

Сооранбай ЖЭЭНБЕКОВ, Қырғызстан Республикасы Президенти:

– Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетлеримиз арасындағы мәмлекетлик шегараларды дослық, жақын қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў шегарасына айландырды. Өзбекстан менен Қырғызстан арасында қол қойылған ҳүжжетлер мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Халықларымыз усындай келисимлерге ерисилиўин күткен еди.

Гурбангулы БЕРДИМУҲАМЕДОВ, Түркменстан Президенти:

– Түркменстан ҳәм Өзбекстан тынышлықсүйер мәмлекетлер, жақсы қоңсылар сыпатында танылған. Мәмлекетлеримиз халықаралық майданда да, өз-ара байланысларда да бирин-бири қоллап-қуўатлайды. Түркменстан Өзбекстан менен бирге ислесиўди барлық тараўлар бойынша кеңейтиўге бәрқулла таяр.

Эмомали РАҲМОН,Тәжикстан Республикасы Президенти:

– Президент Шавкат Мирзиёевтиң усы жылдың март айында Тәжикстанға мәмлекетлик сапары мәмлекетлеримиз тарийхында жаңа алтын бет ашты. Бул сапар етиў Тәжикстан – Өзбекстан қатнасықларын қайта тикледи, барлық тараўларда комплексли мәселелерди избе-из раўажландырыўға күшли түртки болды. Шавкат Мирзиёевтиң нәтийжели сыртқы сиясаты себепли Өзбекстанның халықаралық жәмийетшиликтеги абырайы артып бармақта.

Муҳаммад Ашраф ҒАНИ, Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти:

– Аўғанстан барлық тараўларда Өзбекстан менен қатнасықты кеңейтиўден мәпдар. Президент Шавкат Мирзиёев көрсетип атырған баслама нәтийжесинде мәмлекетлеримиз арасындағы сиясий диалог избе-из жеделлеспекте.

Аўғанстан мәселеси бойынша Ташкентте ири әнжуман өткерилгени ушын халқымыз ҳәм ҳүкиметимиз атынан Өзбекстан басшылығы, халқына терең миннетдаршылық билдиремен. Президент Шавкат Мирзиёевтиң Аўғанстан мәселесине жеке итибары сиясий шешимлерге жол ашты.

Антониу ГУТЕРРИШ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери:

– Пүткил дүнья бойлап үмит епкинлери гезип жүр. Буған унамлы мысаллардан бири Өзбекстандағы тыныш сиясий ҳәкимият алмасыўынан соң Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўдиң жеделлескени. Буған мен гүўа болдым.

Федерика МОГЕРИНИ, Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили – Европа Комиссиясының вице-президенти:

– Аўғанстанда тынышлықты тәмийинлеў регионаллық бирге ислесиўди талап етеди. Бул процессте Орайлық Азия ҳәм оған қоңсылас мәмлекетлердиң келисими оғада әҳмийетли мәселе. Усы қөзқарастан, Президент Шавкат Мирзиёев алып барып атырған сыртқы сиясат Аўғанстанда тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенине гүман жоқ. Ҳәм әлбетте, Өзбекстан мәмлекет басшысының бул бағдардағы ҳәрекетлерин Европа Аўқамы да қоллап-қуўатлайды.

Амина МУҲАММАД ханым, БМШ Бас хаткериниң биринши орынбасары:

– Президент Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясына қатнасқанын қанаатланыўшылық пенен еслеймен. Мәмлекет басшысы өз шығыўында Өзбекстан бүгинги күнде өзиниң сыртқы сиясатында Орайлық Азия регионына айрықша әҳмийет қаратып атырғаны, бул – ҳәр тәреплеме терең ойлап таңланған жол екенин атап өткен еди.

Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм беккемлеў, Аўғанстанды қайта тиклеўге көмеклесиў бойынша көрилип атырған анық илажлар жоқары баҳаға ийе. Ташкентте өткен Аўғанстан бойынша халықаралық конференция бул мәселеге дүнья жәмийетиниң итибарын тартқаны дыққатқа ылайық.

Бандар ҲАЖАР, Ислам раўажланыў банки топарының президенти:

– Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында халықтың турмыс сапасын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жеке секторды қоллап-қуўатлаў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, аўыл ҳәм суў хожалығы, транспорт тараўларында алып барылған жумыслар нәтийже бермекте. Бул нәтийжелер мәмлекетиңиз бенен биргеликте инвестициялық жойбарлар ислеп шығыўға ҳәм әмелге асырыўымызға жаңа түртки болмақта.

Сирил МЮЛЛЕР, Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша вице-президенти:

– Кейинги жылларда Өзбекстанның экономикалық сиясаты және де еркинлескени, атап айтқанда, банк-финанс, салық системасындағы өзгерислер, валюта сиясатының либералластырылғаны мәмлекеттиң экономикалық имиджин арттрыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Жәҳән банки кең көлемли реформаларды әмелге асырыў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў жолында Өзбекстан менен өз-ара пайдалы шерикликти ҳәр тәреплеме раўажландырыўға таяр.

    Кэролин ЛЭММ, Америка – Өзбекстан саўда паласатының баслығы, «Дўстлик» ордениниң ийеси:

–  Президент Шавкат Мирзиёев басламасы менен Өзбекстанда исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығын жақсылаў, мәмлекет экономикасына сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Америка – Өзбекстан саўда палатасына ағза компаниялар өзбекстанлы шериклер менен еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша қол қойылған түсинисиў меморандумлар тийкарында байланысларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратпақта.

Өзбекстан менен нәтийжели бирге ислесиўимиз 2017-жыл сентябрь айында Президент Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясына қатнасыўы шеңберинде Нью-Йорк қаласында өткерилген ушырасыўдан соң жаңа басқышқа шықты. Усы жылдың май айында Өзбекстан мәмлекет басшысының Америка Қурама Штатларына рәсмий сапары ўақтындағы сөйлесиўлер де өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў жолында әҳмийетли қәдем болды. Бул илажда Өзбекстан менен перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша салмақлы ҳүжжетлерге қол қойылды.

Наталья ГЕРМАН, БМШ Бас хаткериниң арнаўлы ўәкили, Орайлық Азияда превентив дипломатия бойынша регионаллық орай басшысы:

– Президент Шавкат Мирзиёевтиң белсенди регионаллық сыртқы сиясат алып барып атырған экономикалық байланысларды раўажландырыў менен бирге, тарийхта дос ҳәм туўысқан халықларды буннан былай да жақынластырмақта. Өзбекстанның қоңсылас мәмлекетлер менен шегаралардан өтип қайтыў режими жеңиллетилиўи, транспорт-логистика тармағындағы бирге ислесиўдиң кеңейип атырғаны, бәринен бурын, әпиўайы адамлардың мәпине хызмет етпекте. Буннан тысқары, Аўғанстанда тынышлық орнатыў, бул мәмлекеттеги халықтың, атап айтқанда, ҳаял-қызлардың ҳәм балалардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша алға сүрилип атырған басламаларды да қоллап-қуўатлаў зәрүр.

Винод КУМАР, Ҳиндистан Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси:

– Өзбекстан менен Ҳиндистан мәдений байланысларда жақсы бир дәстүр қәлиплескен. Мәмлекетлеримиздеги байрамлар, абырайлы фестивалларға еки халық ўәкиллери белсене қатнасып келмекте. Усы жыл Президент Шавкат Мирзиёевтың басламасы менен Шаҳрисабз қаласында биринши мәрте өткерилген Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманына да ҳиндистанлы  көркем өнер шеберлери қатнасып, өзбек мақам көркем өнериниң сыйқырлы ҳәм жағымлы намаларынан хабардар болыў менен бирге, жергиликли халықтың үрп-әдетлери, өнерментшилик үлгилери менен жақыннан танысты. Сондай-ақ,  ҳәр жылы елиңизде өткерилип атырған «Ҳиндистан – Орайлық Азия» қарым-қатнасы мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў, ҳәр қыйлы тараўлар бойынша қатнасықларды избе-из жолға қойыўға хызмет етпекте.

Еки мәмлекттиң көп әсирлик дослық бирге ислесиўге тийкарланған жоқары дәрежедеги сиясий ҳәм дипломатиялық байланыслары және де жоқары басқышқа көтерилип атырғанын исеним менен айтыў мүмкин.

 

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы