Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Мен Абайды ядқа билген халықпан» атамасында әдебий кеше болып өтти.

Илажда филиал директоры П.Палўаниязов, Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, профессор Н.Аңсатбаев ҳәм Президентимиздиң 2018-жыл 13-марттағы «Уллы қазақ шайыры ҳәм ойшылы Абай Қунанбаевтың дөретиўшилик мийрасын кең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў ҳаққында»ғы Қарары тийкарында қазақ әдебиятының классиги Абай шайырдың юбилейи республикамыз бойлап барлық орынларда кең белгиленип атырғанын атап өтти.

– Барлық жоқары ҳәм орта арнаўлы, улыўма орта билим бериў орынлары қатарында филиалымызда да Абай Қунанбаевтың дөретиўшилигине байланыслы әдебий кеше өткерилди, – дейди Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими бас қәнигеси  Арыўхан Пахратдинова. – Буннан мақсет шайырдың дөретиўшилигин жаслар арасында үгит-нәсиятлаў, оның шығармаларының идеясын түсиндириў, тәлим-тәрбиялық мазмунын жаслар санасына сиңдириў болып есапланады. Шынында да, Абай Қунанбаев дөретиўшилигинде халықтың абаданлыққа, елиниң гүллеп-жаснаўына үмитлери, Ана-Ўатанға муҳаббат сезимлери сәўлеленген. Усындай илажлардың көплеп өткерилиўи жасларымыздың тәрбиялы, әдеп-икрамлы болып билим алыўына унамлы тәсир көрсетеди.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.