13-декабрь күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў мақсетинде «Мәмлекетимизде жынаятшылықтың алдын алыўдың әҳмийетли мәселелери ҳәм келешектеги ўазыйпалар» атамасында семинар өткерилди.

Семинар Өзбекстан жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм басқа да бирге ислеўши шөлкемлердиң басламасы менен шөлкемлестирилип, онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов,  Қарақалпақтан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов ҳәм Пуқаралардың  өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары Т.Романов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жаслар тәрепинен жүз берип атырған ҳуқықбузарлықлар, жынаятлардың алдын алыў, сондай-ақ, жаслар сыясаты, олардың ҳуқықый билимин арттырыў сыяқлы мәселелери талқыланды.

Сондай-ақ, семинарда усы жыл 20-30-ноябрь күнлери «Барлығы өз қолыңда!» сүрени астында бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте өткерилген үгит-нәсиятлаў декадасында жас өспиримлердиң түнги ўақытта ата-аналары яки олардың орнын басыўшы шахслар қадағалаўсыз кеўил ашар орынларда болыўы, себебсиз сабақ қалдырған жас өспиримлер ҳәм жаслар ушырасқанлығы анықланды. Олар ушын ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, олар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў мақсетинде спорт жарыслары, психологиялық тренинглер, әскерий бөлимлерге саяхатлар шөлкемлестирилди.

Семинар барысында жынаят ислеген, билип билмей жынаят көшесине кирип қалған, ислеген жынаятынан шын кеўилден пушайман болған 7 жас Өзбекстан Жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикалық кеңеси тәрепинен «Жаслар кепиллиги»не алынып, оларға суд ҳүкими менен  азатлықтан айырыў менен байланыслы болмаған жаза тайынланыўы тәмийинленгенлиги, бүгинги күнде кепиллике алынған жаслар тийисли кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте ислеп шығылған индивидуал бағдарлама тийкарында жеке тәртиптеги профилактикалық илажлар әмелге асырылғанлығы атап өтилди.

Семинар даўамында тийисли министрлик, мәкеме, шөлкемлер тәрепинен жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша  бир қатар усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги