Өзбекстан көлеминде қалың думан себепли Ташкент, Ферғана, Үргениш ҳәм Нөкис халықаралық аэропортлары жаўып қойылды, деп жазады Uznews.

«Аэропортлар қалың думан себепли жағдай өзгергенше жаўып қойылды», – деп хабар берген Миллий авиакомпания баспасөз хызмети.

Компанияның билдириўинше, усы қалаларға ушып барған барлық рейслер жақын жердеги аэропортларға жибериледи.

Барлық сораўларыңызды төмендеги телефон номерлерине жоллаўыңыз мүмкин:

+99878 140 28 01

+99878 140 28 02

+99878 140 28 03

+99878 140 28 04

 

«Ўзбекистон ҳаво йўллари» МАК ўақытшалық қолайсызлықлар ушын кеширим сораған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.