Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда сенаторлар, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының баслығы Н.Йулдошев ашық деп жәриялады.

Мәжилисте 28 мәселе көрип шығылады. Соннан, 17 си нызамлар. Олар арасында «Жәбирлениўшилерди, гүўаларды ҳәм жынаят процессиниң басқа қатнасыўшыларын қорғаў ҳаққында»ғы, «Туқымгершилик ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы геология тараўы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы ҳәм басқа нызамлар бар.

Сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджет, мәмлекетлик мақсетли қорлардың бюджетлери ҳәмде салық және бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары додаланады.

Өзбекстан Республикасы ишки ислер министриниң, сыртқы ислер министриниң мәлимлемелери, Ферғана ўәлаяты ҳәкиминиң есабаты, Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша Парламентлик комиссия баслығының Комиссия жумысы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланады.

2019-жылда көп тармақлы фермер хожалықларын шөлкемлестириў бағдарламасы ҳаққында, Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Ариповқа контракт бойынша әскерий хызметке кириў ҳәм оны өтеўге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы ҳәм бул тараўдағы ҳуқықты қоллаў әмелияты бойынша парламент сораўын жибериў ҳаққында, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.Абдуҳакимовқа имканияты шекленген жаслардың билим алыўы ушын жаратылған шараятлары бойынша парламент сораўын жибериў ҳаққында, Өзбекстан Республикасы Олий суды қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққында, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң қарарларын тастыйықлаўға байланыслы мәселелер көрип шығылады.

Мәжилисте көрип шығылатуғын барлық мәселелердиң мазмуны туўралы толық түрде мағлыўмат берип барамыз. Сайтымызды бақлап барың.

Норгул Абдураимова, ӨзА