Елимизде шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын реформалаў шеңберинде аймақларды санитариялық тазалаў бойынша көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын арттырыў, турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм аймақлардан алып шығыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге, аймақларда турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў жумысларында айырым машқалалардың бар екенлиги анықланбақта.

Атап айтқанда, төлем тәртиби дәрежесиниң төмен екенлиги, тутыныўшылардың ҳәм олар тәрепинен төленген төлемлердиң бирден-бир есабы әмелде жүргизилмей атырғанлығы, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының өзлерине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын жетерли финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик имканиятына ийе емес. Олардың хызмет көрсететуғын шөлкемлер арасында өз-ара бирге ислесиўиниң, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртнамалары тийкарында бирге ислесиўдиң анық админстративлик ҳәм базар механизмлери ислеп шығылмағанлығы, тараўда хызметти әмелге асыратуғын шөлкемлердиң финанслық жағдайын қыйынластырып, сапасын арттырыўға кесент етип келмекте.

Бир сөз бенен айтқанда, шығындыларды жыйнаў ҳәм тасыў хызметин көрсетиўде пуқаралардан түсип атырған төлемлерди есап-китап қылатуғын, оларды тәртип пенен бөлистирип, мақсетке муўапық жумсайтуғын бирден-бир механизмди иске қосыў керек еди.

Әне, усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 22-ноябрьдеги «Қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў ушын төлемлерди төлеў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының қабыл етилиўи турмыслық шығындылар менен менен байланыслы системаны буннан былай да раўажландырыў, қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў тараўында төлеў интизамын беккемлеў, халықтың сапалы санитарлық-тазалаў хызметлери менен тәмийинлеўдиң сапасын арттырыўда әҳмийетли адым болды.

Пәрманға муўапық, 2019-жыл 1-январьдан баслап қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын халық тәрепинен төленетуғын мәжбүрий төлемлердиң толық ҳәм өз ўақтында төлениўин тәмийинлеў Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен әмелге асырылатуғын болды.

Сондай-ақ, Мәжбүрий орынлаў бюросының уйымлары Орайлық банк пенен биргеликте қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын түсимлердиң ҳақыйқый есабын ҳәм мониторингин жүргизиў имканиятын беретуғын бирден-бир транзит банк есап бетлерин ашады ҳәм халыққа ҳәм де пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында төлемлерди бирден-бир транзит банк есап бетлерине төлеў тәртиби туўралы хабардар етип барады.

Буннан басқа, ендигиден былай, Мәмлекетлик экология комитетиниң аймақлық уйымлары жанынан Санитар тазалаў орайлары да шөлкемлестирилип, оның хызметкерлери ҳәр бир район ҳәм қалада жумыс ислейди ҳәм жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте аймақларда системаның жумысларын қадағалаў менен шуғылланады.

Соны да айтып өтиў керек, яғный бюро уйымлары қатты турмыслық шығындылар бойынша түсимлерди әмелге асырыў барысында район(қала) ҳәкимликлери, хызмет көрсетиўши шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен өз-ара бирге ислесиўди әмелге асырып барады.

Президентимиздиң усы пәрманы менен экономиканың және бир тармағын тәртипке салыўға қаратылған жаңа механизм иске түсти.

Төлемниң өз ўақтында ҳәм толық түсиўи болса хызмет көрсетиўши шөлкемлер арасында да бәсекиликти күшейтеди.

Қоршаған орталықтың тазалығы ҳәм тәбийғый ресурсларымыздың қәўипсизлиги халықтың экологиялық мәденияты ҳәм турмыслық шығындылар ушын төлемлерди өз ўақтында әмелге асырыўымызға байланыслы.

Пуқараларымыз өзлериниң Конституциялық миннети сыпатында, тек төлемди ўақтында төлеўи арқалы қоршаған орталықтың қорғалыўы, халықтың саламатлығы ҳәм келешек әўладтың қәўипсизлигине өзиниң үлесин қосқан болады.

Б.Тулепов,

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының аға инспекторы.