Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитети жанындағы жумысшы топардың мәжилиси өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы Мәмлекетлик бюджети, мәмлекетлик мақсетли қорлардың бюджетлери және салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары додаланды.

Мәмлекетимиздиң келеси жылға мөлшерленген ең әҳмийетли финанслық ҳүжжетинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2019-жылда юридикалық шахсларға салынатуғын пайда салығы ставкасын 14 проценттен 12 процентке, коммерциялық банклер ушын 22 проценттен 20 процентке азайтыў тәзерде тутылған.

Салық системасына киргизилип атырған бундай өзгерислер, бәринен бурын, елимизде макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, экономикада салық жүгин азайтыў, Мәмлекетлик бюджеттиң турақлылығын арттырыўға хызмет етеди. Соның менен бирге салыққка тартыўдың улыўма системасы бойынша төлемлерди әмелге асырып атырған хожалық жүргизиўши субъектлер арасында салық жүги бағдарындағы сәйкес емесликлер сапластырылады. Улыўма, бул бағдарда алып барылып атырған кең көлемли жумыслардың нәтийжесинде елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў, халықтың реал дәраматларын арттырыў, оның абаданлығын тәмийинлеўге үлес қосыўы мәжилисте айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, мийнет ҳақы фондына салық жүгин азайтыў ҳәм исбилерменлик субъектлери жумысшыларының санын ҳәм мийнет ҳақы фондын нызамластырыў ушын хошаметлеўши шараятларды жаратыў мақсетинде жеке топланып барылатуғын пенсия есап бетлерине 0,1 процент қаратқан ҳалда барлық пуқараларға физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы бойынша бирден-бир 12 процент муғдарында салық ставкасы енгизиледи. Бул болса, өз гезегинде, халықтың дәраматларын көбейтиўдиң есабынан турмыс абаданлығын арттырыў, ҳүжданлы салық төлеўшилердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға хызмет етеди.

Додалаў даўамында келеси жыл ушын мөлшерленген Мәмлекетлик бюджетинде бюджет тараўы хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасын жетилистириў мәселелерине айрықша дыққат қаратылғаны мәлим етилди. Атап айтқанда, 2019-жылы мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлердиң жәми қәрежетлердеги бөлеги 54,5 процентти қурайтуғыны атап өтилген. Келеси жылы бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм стипендиялар муғдарын ҳәр ярым жылда өткен жылға инфляция дәрежесинен төмен болмаған муғдарларда көбейтиў усыныс етилген. 2019-жыл 1-январьдан баслап социаллық напақалардың муғдарларын абсолют суммада белгилеў нәзерде тутылған.

Мәжилисте комитет ағзалары социаллық объектлерди капитал оңлаў ямаса реконструкциялаў жумысларына ажыратылған қаржы және оның қурылыс сметасында қаржыландырылған қәрежет арасында сәйкес емесликлер анықланып атырғанын атап өтти. Бул болса қурылыс, оңлаў процессин изге қалдырмақта. Нәтийжеде ҳәр қыйлы машқалалы жағдайлар келип шықпақта. Илажда келеси жылы бундай жағдайларды сапластырыў бойынша усыныслар билдирилди.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы