3-декабрь күни Өзбекстан «Адолат» социаллық-демократиялық партиясы Қарақалпақстан аймақлық Кеңеси басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы қан қуйыў станциясында «Бар меҳримиз саған – балажан» ураны астында республика бойлап донорлық акциясы шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында партия баспасөз хызмети хабар бермекте.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 26 жыллығы қарсаңында өткерилген бул илаждан гөзленген тийкарғы мақсет қан алмастырыўға мүтәж болған наўқас балаларға жәрдем бериў, олардың денсаўлығының беккемлениўине үлес қосыўдан ибарат болды.

Бир ҳәпте даўамында акцияның үгит-нәсият жумыслары дәслеп партияның жергиликли Кеңеслерине сайланған депутатлары және басланғыш партия шөлкемлери ағзалары арасында әмелге асырылды. Республика бойлап ықтыярлыларды да усы қайырқомлық донорлық акциясына тартыў мақсетинде халық көп жасайтуғын орынларға акция плакатлары илдирип шығылды.

Ерте азанда басланған акцияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракция ағзалары, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңес депутатлары, партия хызметкерлери ҳәм ықтыярлылар қатнасты.

Акция күн даўамында даўам етип, көплеген жерлеслеримиз наўқас балалардың саламатлығы ушын қан берди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.