Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети докторанты Арал теңизиниң қурыған ултанында жүзеге келген дузлы шаңлардың ҳаўаға көтерилиўин тоқтатып туратуғын полимерли бирикпе жаратты. Бул ҳаққында университеттиң дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасының профессоры, аўыл хожалығы илимлериниң докторы М.Ю.Ибрагимов 28-ноябрь күни Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында болып өткен «Қубла Арал бойы биологиялық ҳәр түрлилигин сақлаў, қайта тиклеў ҳәм қорғаўдың экологиялық мәселелери» атамасындағы илимий-теориялық конференцияда мәлим етти.

Илимпаздың айтыўынша, ҚМУ-1, ҚМУ-2 деп аталған полимерли бирикпе шорлы топырақ ҳәм шөл жерлерди 8 мм қалыңқа шекем қатырып қояды. Бул 3 жылға шекем сол қәлпинде сақланады. Нәтийжеде теңиздиң қурыған ултанындағы жерлерден көтерилетуғын дузлы шаңлар көтерилиўиниң алды алынады.

Конференцияда теңиздиң қурыған ултанында шөл өсимликлерин егип көбейтиў ҳәм жаңа жайлаўлар пайда етиў мәселелери бойынша баянат жасаған илимпаз усы жылдың 27-май күни жүз берген дузлы шаңлардың көтерилиўи ҳаққында да айтып өтти.

– Бул көтерилген дузлы шаң Арал теңизиниң қурыған ултанындағы дузлар болып есапланады. Оның қурамында натрий хлорид ҳәм магний сульфат сыяқлы химиялық бирикпелер бар екенлиги анықланды. Дузлы шаң өсимликлердиң жапырақларынан 28 күнге шекем кетпей сақланып турды, – деди М.Ибрагимов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.