ӨзА Өзбекстан тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы менен биргеликте автомобильлерге қысылған газ (метан) қуйыў шақапшаларындағы 1 куб метр газдиң сатылыў баҳасын және бир мәрте үйренип шықты.
Оған бола, республика бойынша автомобильлерге ысылған газ (метан) қуйыў шақапшаларындағы 1 куб метр газдиң сатылыў баҳалары төмендегише:
Қарақалпақстан Республикасында – 1800 сумнан 2200 сумға шекем;
Ташкент қаласында – 1900 сумнан 1950 сумға шекем;
Әндижан ўәлаятында – 1900 сумнан 2000 сумға шекем;
Наманган ўәлаятында – 1690 сумнан 1800 сумға шекем;
Ферғана ўәлаятында – 1800 сумнан 1950 сумға шекем;
Сырдәрья ўәлаятында – 1700 сумнан 1800 сумға шекем;
Жиззақ ўәлаятында – 1900 сум;
Самарқанд ўәлаятында – 1800 сумнан 2000 сумға шекем;
Бухара ўәлаятында – 1700 сумнан 2100 сумға шекем;
Наўайы ўәлаятында – 1900 сумнан 2000 сумға шекем;
Қашқадәрья ўәлаятында – 1900 сум;
Сурхандәрья ўәлаятында – 1900 сумнан 2000 сумға шекем;
Хорезм ўәлаятында – 1900 сум.
Мағлыўматта жазылыўынша, ең қымбат баҳа Қарақалпақстанның Қоңырат районындағы «Автодакар» ЖШЖ (2200 сум) да бақланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги